Telegram karinform

Жәмийет

  • 02.06.2020 11:25
  • 1457

Нөкис қаласы ҳәм «жасыл» категориядағы барлық районларда бирнеше хызмет түрлерине рухсат берилди

Нөкис қаласы ҳәм «жасыл» категориядағы барлық районларда бирнеше хызмет түрлерине рухсат берилди
Нөкис қаласы ҳəм «жасыл» категориядағы барлық район аймақларында жөнелиссиз таксилерге жолаўшыларды тасыў хызметине рухсат берилмекте.

Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Коронавирус инфекциясының тарқалыўына қарсы гүресиў илажларын муўапықластырыў бойынша оператив Штабының мəжилис баянламасы қабыл етилди, деп хабар берди ҚР Министрлер Кеңесиниң мәлимлеме хызмети.

Жөнелиссиз таксилерде жолаўшы тасыў ушын:

- автомобиль салонында басқарыўшы орынлығы жолаўшылардың орынлығынан пластикалық яки плёнка менен тосылған болыўы;

- автомобиль басқарыўшысы менен жолаўшының медициналық нықапта болыўы;

жолаўшылардың саны еки адамнан аспаўы ҳəм олардың автомобиль салонының артқы орынлығында жайласыўы жəне жөнелиссиз такси басқарыўшысының өз аймағында ҳəрекетлениўи белгиленген.

Соның менен бирге, баянламаға муўапық, Нөкис қаласы ҳəм «жасыл» категориядағы барлық район аймақларында шаштəрезхана ҳəм гөззаллық салонлары хызметине рухсат берилди.

Буның ушын шаштəрезхана ҳəм гөззаллық салонларында хызмет көрсетиўши адамлар жеке қорғаныў қураллары:

- медициналық халат яки комбинезон;
- медицианалық нықап (N 95 яки қабатласқан 2 əпиўайы спанбонд нықап);
- жүзди толық тосатуғын қорғаныў нықабы ҳəм медициналық нықаптан пайдаланған ҳалда «Бир хызмет көрсетиўши адам – бир қарыйдарға» принципи тийкарында белгиленген аралықты сақлаған жағдайда ислеўи талап етиледи.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...