Telegram karinform

Жәмийет

  • 02.06.2020 12:01
  • 1763

Ишки ислер министрлигиниң Нөкис «Темурбеклер мектеби» әскерий-академиялық лицейи муғаллимлерди жумысқа қабыллайды

Ишки ислер министрлигиниң Нөкис «Темурбеклер мектеби» әскерий-академиялық лицейи муғаллимлерди жумысқа қабыллайды
Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Нөкис «Темурбеклер мектеби» әскерий-академиялық лицейи муғаллимлерди төмендеги пәнлер бойынша таңлаў тийкарында жумысқа қабыл етеди:

1) Өзбек тили ҳәм әдебияты;
2) Қарақалпақ тили ҳәм әдебияты;
3) Рус тили ҳәм әдебияты;
4) Шет тили (инглис тили);
5) Тарийх;
6) Математика;
7) Физика;
8) Информатика ҳәм мәлимлеме технологиялары;
9) Химия;
10) Биология.

Таңлаўға қатнасатуғын педагог талабанлар тийкарынан жоқары мағлыўматлы, интеллектуаллық потенциал ҳәм профессионаллық тәжирийбеге және кеминде 5 жыллық үзликсиз педагогикалық жумыс стажына ийе болыўы керек.

Таңлаўға қатнасыў ушын талабанлар тәрепинен төмендеги ҳүжжетлер усынылады:

- Таңлаўға қатнасыў ушын «Темурбеклер мектеби» әскерий-академиялық лицейи директорының атына арза;
- Паспорт нусқасы (ҳүжжетлерди тапсырыў ўақтында паспорттың түп нусқасы көрсетиледи);
- Жоқары мағлыўмат ҳаққындағы диплом ямаса ўәкилликли мәмлекетлик уйымның сырт елдеги билимлендириў мәкемесинде алынған жоқары мағлыўмат ҳаққындағы ҳүжжетке муўапықлығы алынғаны ҳаққындағы гүўалық;
- Өткерилген аттестация нәтийжелери бойынша берилген сертификат нусқасы;
- Мийнет дәптершесиниң нусқасы;
- Мийнет жолы ҳаққындағы мағлыўматнама (Резюме);
- 3,5 х 4,5 өлшемдеги 4 дана реңли фотосүўрет.

Таңлаў қатнасыўшыларынан ҳүжжетлер усы жылдың 1-июнь сәнесинен 21-июнь сәнесине шекем қабыл етиледи.

Таңлаў қатнасыўшыларының арзалары ҳәм ҳүжжетлерди қабыл етиў орнының мәнзили: Нөкис қаласы, Төрткүл гүзары 43-жай, ИИМ Қарақалпақ академиялық лицейи.

Қарақалпақстан Республикасы ИИМ мәлимлеме хызмети.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет