Telegram karinform

Жәмийет

  • 13.06.2020 16:55
  • 934

Келеси оқыў жылынан баслап жоқары оқыў орынлары контракт бойынша квоталарды өзлери белгилейди

Келеси оқыў жылынан баслап жоқары оқыў орынлары контракт бойынша квоталарды өзлери белгилейди
Президент қарарына муўапық, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тәрепинен мәпдар министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте 2020-жыл 1-декабрьге шекем:

- жоқары оқыў орынларына оқыўға қабыл етиўдиң мәмлекетлик буйыртпасы параметрлеринде тек ғана мәмлекетлик грант тийкарындағы қабыллаў көрсеткишлерин белгилеў;

- төлемли контракт тийкарындағы қабыллаў көрсеткишлерин жоқары оқыў орынлары тәрепинен еркин түрде белгилеў. Бунда, төлемли контракт тийкарындағы қабыллаў көрсеткишлери Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тәрепинен белгиленген муғдардан кем болмаўы керек;

- қәбилетли студентлерди мәмлекетлик емес жоқары оқыў орынларында да мәмлекетлик грант тийкарында оқытыў;

- айрықша қәбилет талап етилетуғын билимлендириў тараўларының бакалавриат билимлендириў бағдарларына оқыўға қабыллаў ушын кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар менен биргеликте мәжбүрий үш пән – ана тили (өзбек, рус ямаса қарақалпақ тили), математика ҳәм Өзбекстан тарийхы пәнлери бойынша тест сынақларын тапсырыў тәртибин енгизиў бойынша Ҳүкиметке тийкарланған усынысларды береди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...