Telegram karinform

Жәмийет

  • 30.06.2020 13:44
  • 1368

1-июльдан баслап карантин талаплары және күшейтиледи. «Қызыл» аймақларда көшелерде жүриў ўақты шекленеди

1-июльдан баслап карантин талаплары және күшейтиледи. «Қызыл» аймақларда көшелерде жүриў ўақты шекленеди
Республикалық арнаўлы комиссияның қарарына муўапық, усы жылдың 1-июль сәнесинен баслап:

- республиканың барлық аймақларында ири буйым базарлары және буйым саўдасы менен шуғылланатуғын ири саўда комплекслери ҳәптениң шемби ҳәм екшемби күнлери санитариялық-дезинфекциялық жумысларды әмелге асырыў ушын жабылады;

- «қызыл» ҳәм «сары» аймақларда саат 07:00 ден 23:00 ге шекем жәмийетлик орынларда 3 адамнан артық топланыў және 23:00 ден 07:00 ге шекем көшелерде, көп этажлы турақ жайлар ҳәм ҳәўлилер алдында болыў қадаған етиледи.

Бунда тек ғана пуқаралардың денсаўлығы төменлегени, ҳәмиледарлығы мүнәсибети менен шыпакер тексериўинен өтиў ушын емлеў мәкемесине ямаса зәрүр болған дәри-дәрмақ сатып алыў мақсетинде дәриханаға барып келиўине рухсат бериледи.

Усы талапларды бузған адамларға белгиленген тәртипте ҳәкимшилик жуўапкершилик шаралары қолланылады.

«Қызыл» ҳәм «сары» аймақларда ҳәптениң шемби ҳәм екшемби күнлеринде жәмийетлик транспортлардың ҳәрекети кемейтиледи.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...