Telegram karinform

Жәмийет

  • 07.07.2020 12:28
  • 1510

Нөкисте суўға ығып баратырған еки адамның бири – 8 жаслы жас өспирим қутқарып қалынды. Екиншиси қайтыс болды

Нөкисте суўға ығып баратырған еки адамның бири – 8 жаслы жас өспирим қутқарып қалынды. Екиншиси қайтыс болды
Кеше, 6-июль күни саат 21:00 лер шамасында 1984-жылы туўылған, Шоманай районының турғыны У.Е. ҳәм 2012-жылы туўылған, Нөкис қаласының турғыны, жас өспирим Т.Б. Нөкис қаласы «Жийдели Байсын» МПЖ аймағынан ағып өтетуғын каналдан жүзип өтпекши болғанда суўға ыға баслаған.

ҚР Айрықша жағдайлар басқармасы ҒХҚ ҳәм жәмийетлик шөлкемлер менен бирге ислесиў топарының баслығы, аға лейтенант Айбек Абдирахмановтың бизге мәлим етиўинше, ўақыя орнына жақын жерде болған Айрықша жағдайлар басқармасының бөлим баслығы, подполковник Радмир Чимбергенов ҳәм усы мәкан пуқаралар жыйыны турғыны Мурат Хабипов тезлик пенен оларға жәрдем бериўге ҳәрекет еткен. Нәтийжеде жас өспирим Т.Б. ығып баратырған жеринен қутқарып қалынған. Тилекке қарсы, 1984-жылы туўылған пуқара У.Е.ни қутқарып қалыўдың илажы болмаған.

Дәслепки мағлыўматларға қарағанда, пуқара У.Е. спиртли ишимлик тәсиринде болған. Жас өспиримди қутқарып қалғанлар оған дәрриў биринши медициналық жәрдем көрсеткен ҳәм тийисли хызметлерге хабар берген.

ҚР Айрықша жағдайлар басқармасының арнаўлы қутқарыў отряды ўақыя орнына жетип барып, пуқара У.Е.ниң денесин суўдан алып шыққан.

ҚР Айрықша жағдайлар басқармасы пуқараларды қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етпей, спиртли ишимликлер тәсиринде, мәс ҳалында, белгиленбеген орынларда шомылыў усындай кеўилсиз жағдайларға алып келиўи мүмкинлиги ҳаққында ескертеди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...