Алдын хабар берилгениндей, Республикалық арнаўлы комиссияның қарары тийкарында ўәлаятлар аралық ҳәм қалалар аралық қатнаўларды әмелге асырыў бойынша белгиленген шеклеўлер дийқан ҳәм фермер хожалықлары тәрепинен жетистирилген аўыл хожалығы өнимлерин (мийўе-овощ, палыз өнимлери ҳәм т.б.) орынларға жеткериў және сатыў мақсетинде ўәлаятлар аралық ҳам қалалар аралық қатнаўларды әмелге асырыўға енгизилмейди.
Бунда дийқан ҳәм фермер хожалықларының автотранспорт қураллары базарлар, ярмаркалар ҳәм саўда орынларына кириўден алдын дезинфекцияланады.
Сондай-ақ, жөнелиссиз таксилерде жолаўшы тасыўға төмендеги арнаўлы талаплар тийкарында рухсат бериледи:
- жолаўшы тасыў ушын автотранспорт қуралының салонында басқарыўшының орынлығы жолаўшылардың орынлығынан реңсиз пластик ямаса арнаўлы плёнка менен тосылған болыўы керек;
- басқарыўшы ҳәм жолаўшы медициналық нықапта болыўы (медициналық нықапсыз жолаўшыны тасыў қадаған етиледи) керек;
- тек ғана еки жолаўшының автотранспорт қуралы салонының артқы орынлығына өткерилиўи керек;
- тек ғана автотранспорт қуралы мәмлекетлик дизимге алынған аймақ шеңберинде (Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы көлеминде) ҳәрекетлениўи шәрт.
Министрлер Кабинети жанындағы Дин ислери комитети Өзбекстан мусылманлары басқармасы ҳәм басқа диний конфессиялардың усынысларын есапқа ала отырып республикадағы эпидемиологиялық жағдайдан келип шығып 2020-жыл 10-июльдан 2020-жыл 1-августқа шекем диний шөлкемлердиң жумыслары тоқтатылмақта.
Карантин талапларына қайшы түрде көшелерде ҳәм майданшаларда 3 адамнан артық болып жүриў, сондай-ақ, нықапсыз жүриў жағдайлары белгиленген тәртипте ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартыў ушын тийкар болады.
Ислам Матеков.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz