Telegram karinform

Жәмийет

  • 10.07.2020 17:06
  • 1379

Шемби ҳәм екшемби күнлери ҳаўа райы қандай болады?

Шемби ҳәм екшемби күнлери ҳаўа райы қандай болады?
Бүгин ҳәм ертең Өзбекстан аймағында ҳаўа райы шараятларының қәлиплесиўине орта тропосферадағы күшсиз циклон ҳәрекети тәсир көрсетеди. Бул ҳаққындағы «Өзгидромет» хабар берди.

Республика бойлап ҳаўа райы ўақты менен өзгерип турады, жаын-шашын болмайды.

Шығыс Қазақстаннан кирип киятырған бираз салқын ҳаўа ағымы Өзбекстанда күндизги температураның төменлениўине алып келди. Бүгин ҳәм ертең күндизги ўақытта ҳаўаның температурасы 37-39 градусты қурайды. Түнги температура 19-24 градус әтирапында сақланып қалады. Айрым орынларда самалдың тезлиги секундына 15-20 метрге күшейиўи мүмкин.

Екшемби күни Өзбекстанның тегислик аймақларында ҳаўа райы қурғақ ҳәм ашық болады.

Салыстырмалы салқын ҳаўа ағымының тәсири екшемби күни де сақланып турады. Ҳаўаның температурасы түнде 19-24 градус әтирапында, күндиз 32-37 градус, шөл зонасында 39 градусқа шекем жетеди. Бундай температура күнниң климатлық нормаларына жақын.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...