Telegram karinform

Жәмийет

  • 13.07.2020 17:13
  • 1203

Россияда жумыс ислеген дәўир пенсия тайынлаўда есапқа алына ма?

Россияда жумыс ислеген дәўир пенсия тайынлаўда есапқа алына ма?
Әмелдеги пенсия нызамшылығына муўапық, сырт елде жумыс исленген дәўир төмендеги шәртлер тийкарында мийнет стажына қосылады:

- 2019-жыл 1-январьға шекемги болған дәўир ушын – Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы бюджеттен тыс Пенсия қорына қамсызландырыў төлемлери төленген жағдайда;

- 2019-жыл 1-январьдан кейинги дәўир ушын – бирден-бир социаллық салық төленген жағдайда.

Сырт елде жумыс ислеген дәўир ушын социаллық салықлар төлеў Министрлер Кабинетиниң 2016-жыл 22-февральдағы 46-санлы қарары тийкарында тастыйықланған Уставта белгиленген. Бунда сырт елде жалланып жумыс ислейтуғын адам пенсия менен тәмийинлениў муғдарларынан келип шығып Пенсия қорына бирден-бир социаллық төлем муғдарын еркин түрде, бирақ жылына Пенсия қорына бирден-бир социаллық төлем төлеў сәнесинде нызам ҳүжжетлеринде белгиленген пенсияны есаплаўдың базалық муғдарының төрт ярым есеси муғдарында белгилеўи мүмкин.

Сырт елде жалланып жумыс ислейтуғын адам тәрепинен бирден-бир социаллық төлем төлеў төмендеги тәртипте әмелге асырылыўы мүмкин:

- ҳәр айда ямаса ҳәр шеректе;

- биротала – Өзбекстан Республикасына келген күнинен баслап 3 жыл даўамында.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

            2025-жыл 30-июньнен баслап, визасыз Россияға киретуғын сырт ел пуқаралары «Gosuslugi RUID» мобиль қосымшасында дизимнен өтип,