Telegram karinform

Жәмийет

  • 20.07.2020 16:43
  • 1332

Қарақалпақстан Республикасында коронавирус инфекциясының тарқалыўына қарсы резервлер жеткиликли ме?

Қарақалпақстан Республикасында коронавирус инфекциясының тарқалыўына қарсы резервлер жеткиликли ме?
Ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстан Республикасы бойынша 10 мың 543 пуқара карантин бақлаўына алынған. Соннан 437 пуқара медициналық мәкемелерде, 10 106 пуқара үй шараятындағы карантинде сақланбақта. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариевтиң халқымызға жоллаған мүрәжатында атап өтилген.

«COVID-19» бенен наўқасланған адамларды емлеў, зәрүр дәри-дәрмақлар ҳәм қорғаныў қураллары менен тәмийинлеў бойынша барлық илажлар көрилмекте.

Наўқасларды емлеў ушын 790 орынлық 8 стационар клиника ҳәм арнаўлы емлеўханалар ажыратылған.

Сондай-ақ, коронавирус инфекциясы менен наўқасланғанлардың саны артып кеткен жағдайда емлеў процесслерин шөлкемлестириў ушын медициналық мәкемелерде 3 мыңнан аслам койкалы орынлар таярлап қойылған.

Атап өтилиўинше, Нөкис қаласында 1000 орынлық карантинде сақлаў комплекси ҳәм 100 орынлық арнаўлы емлеўхана қурылмақта.

Усы медициналық мәкемелерде наўқасларға медициналық хызмет көрсетиў ушын 2 мың 74 шыпакер ҳәм 13 мың 327 медицина хызметкерлери жумыс алып барыўы белгиленген.

Наўқаслар менен байланыста болатуғын шыпакер ҳәм медициналық хызметкерлер барлық қорғаныў қураллары менен тәмийинленген.

Ҳәзирги ўақытта медициналық бирлеспелер 47 жасалма дем алыў аппараты (ИВЛ), 92 шприцли дозатор, 68 кардиомонитор ҳәм 300 кислород баллонлары және кислород жеткерип бериўши үскенелер менен тәмийинленген.

Соның менен бирге, 700 ден аслам наўқасқа жететуғын 1 миллиард сумлық дәри-дәрмақ резерви қәлиплестирилген.

Ҳәзирги ўақытқа шекем барлық медициналық мәкемелерде жергиликли бюджет қаржылары есабынан 5 миллиард сумлық медициналық әсбап-үскенелер, дәри-дәрмақлар және қорғаныў қураллары жеткерип берилди.

Усы дәри-дәрмақлар «COVID-19» бенен наўқасланған адамларға бийпул тарқатылмақта.

Ҳәзирги ўақытта пуқараларда коронавирус кеселлигин анықлаў ушын тест тапсырыў 3 орында (6 дана ПШР (полимеразлы шынжырлы реакция) аппараты бар) шөлкемлестирилип, 44 мыңнан аслам пуқаралар тексерилди.

Қосымша және 6 дана тест тапсырыў аппараты (ПШР) жақын күнлер ишинде алып келиниўи жобаластырылған.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

    Түнги ўақытта саат 23.00 ден 06.00 ге шекем пуқаралардың тынышлығын ҳәм нормал дем алыўын бузыў,