Telegram karinform

Жәмийет

  • 20.07.2020 17:35
  • 11146

Социаллық аралықты сақламаў ақыбетинде наўқасланған 1 пуқара 90 ға шамалас адамларға кеселликти жуқтырыў жағдайлары ушыраспақта – Қаҳраман Сариев

Социаллық аралықты сақламаў ақыбетинде наўқасланған 1 пуқара 90 ға шамалас адамларға кеселликти жуқтырыў жағдайлары ушыраспақта – Қаҳраман Сариев
Ҳәзирги ўақытта коронавирус пандемиясы тарқалыўының алдын алыў бойынша күшейтилген карантин талаплары енгизилиўи және көплеген үгит-нәсият жумысларының алып барылыўына қарамастан пуқараларымыз бул кеселликтиң қәўпин түсинип жетпей атыр.

Ақыбетинде пуқараларымыз тәрепинен көшелерде топланып жүриў ямаса зәрүрлик болмағанда ҳеш қандай себепсиз көшеде жүриў жағдайлары, медициналық нықап тақпастан карантин талапларын бузыў жағдайлары көп ушыраспақта.

Атап айтқанда, 16 219 жағдайда пуқаралар ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылды (соннан 2 жағдайда жынайый жуўапкершиликке тартылған), булардың көпшилик бөлими жәмийетлик орынларда нықапсыз жүриў менен байланыслы болмақта.

Соны айрықша атап өтиў керек, пуқараларымыздың итибарсызлығы, социаллық аралықты сақламай жүриўи ақыбетинде наўқасланған 1 адам бир күнде 90 ға шамалас пуқараға кеселликти жуқтырыў жағдайлары ушыраспақта.

Әлбетте, барлық пуқараларымыз бундай жағдайлардан өзлерине тийисли жуўмақ шығарыўы шәрт, - деди Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев халқымызға жоллаған мүрәжатында.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

    Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында