Telegram karinform

Жәмийет

  • 30.07.2020 12:37
  • 820

Қандай ҳайўанлар қурбанлық етилиўи мүмкин?

Қандай ҳайўанлар қурбанлық етилиўи мүмкин?
Муқаддес Ислам дининде еки уллы байрам бар болып, булар Рамазан ҳәм Қурбан ҳайыты байрамлары болып есапланады. Қурбан ҳайыты үш күн даўам етип, бул күнлери қурбы жеткен мусылманлар қурбанлық ибадатын орынлайды. Қурбанлық дегенимиз уламаларымыздың тәрийплеўинше ҳайўанды белгили ўақытта қурбанлық етиў болып есапланады.

Қурбанлық шариятқа ҳижрий екинши жылы кирген. Ҳанафий мазҳабы бойынша қурбанлық етиў ўәжип әмел. Қурбанлық етиў еркин, ержеткен, ақыл-еси пүтин, муқим (мүсәпир болмаған) ҳәм зәкат нысабына ийе болған мусылман адамға ўәжип болады. Қурбан ҳайытының ўақты шәриятымызда ҳижрий-қамарий жыл бойынша Зулҳижжа айының 10-шы сәнеси болып есапланады. Быйылғы Қурбан ҳайыты бизлердиң жыл есабымыз бойынша 2020-жыл 31-июльға туўра келеди.

Бүгинги күнде пүткил дүньяда, соның ишинде, бизиң елимизде де коронавирус кеселлиги себепли мешитлерде Жума ҳәм бес ўақыт жәмәәт намазлары ўақтынша тоқтатылып турғанлығы ушын, ўәжиб болған ҳайыт намазын оқыў имканияты жоқ.

Қурбанлық етилетуғын ҳайўанлар түйе, қарамал, қой ҳәм ешки. Ешкиниң жасы толық бир жасқа кирип, екиге қарағаны, қарамалдың екиге толып, үшке өткени, түйениң толық төртке кирип, бес жасқа қарағаны. Бул ҳайўанлардың еркеги де, урғашысы да, пишилгени де, пишилмегени де қурбанлық етиле береди, булардан басқа ҳайўанларды қурбанлыққа шалыўға болмайды. Сондай-ақ, түйе ҳәм қарамалды жети адамға шекем биригип қурбанлық етсе болады.
Қурбанлыққа сойылатуғын ҳайўанның дени саў, мүшелери пүтин болыўы керек. Ҳайўанның көзи қыйсық, аяғы шолақ ямаса шақысы түбинен сынған, қулағы түбинен кесилген болса бундай ҳайўанлар қурбанлыққа жарамайды. Сондай-ақ, аўырған, қатты азып кеткен ҳайўан да қурбанлыққа жарамайды.

Қурбанлық гөшин үш бөлекке бөлиў мустаҳаб болады. Бир бөлегин өз шаңарақ ағзалары менен жейди, және бир бөлегин мүтәж адамларға садақа етеди, үшинши бөлегин сақлап қояды. Қурбанлық етиўши адам және бир нәрсени есте сақлаўы керек, яғный, қассапқа хызмет ҳақысын қурбанлық гөшинен бермейди, ал қассапқа хызмет ҳақы етип өз жанынан басқа нәрсе береди.

Алла таала елимиздеги ҳәм дүнья жүзиндеги мөмин-мусылманлардың қурбанлық ибадатларын өз дәргайында қабыл қылсын ҳәм усы себепли өз бенделерин ҳәр қандай мүсийбетлерден сақласын.

Айбек Жолаўшиев,
Нөкис қаласы «Имам ийшан Муҳаммад» жәмийетлик мешити имамы-орынбасары.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...