Telegram karinform

Жәмийет

  • 02.09.2020 15:46
  • 1321

1-сменада 37 абитуриент тесттен шетлетилди. Неше абитуриент температурасы жоқары болғанлығы себепли тестке киргизилмеди?

1-сменада 37 абитуриент тесттен шетлетилди. Неше абитуриент температурасы жоқары болғанлығы себепли тестке киргизилмеди?
Ташкент қаласындағы МҒКАда болып өтип атырған брифингде тест сынақларының 1-күни 1-сменадағы жағдай бойынша МТО директорының орынбасары С.Ражабов мағлыўмат берип өтти, деп хабар берди ӨзА.

1-сменада 59 250 абитуриент тест тапсырыў жобаластырылған еди. Соннан 55 767 абитуриент тест сынақларына қатнасты. 3474 абитуриент ҳәр қыйлы себеплерге байланыслы тестке келмеди.

1 абитуриенттиң дене температурасы жоқары болғанлығы ушын тестке киргизилмеди ҳәм акт дүзилди.

8 абитуриент кириў орнында тест сынақларынан шетлетилди. Атап айтқанда, олардан 4 абитуриент телефон, 1 абитуриент шпаргалка, 2 абитуриент басқа абитуриентлердиң орнына кирмекши болғаны, 1 абитуриент ҳүжжетти қәлбекилестиргени ушын шетлетилген.

Тест сынақлары процесслеринде тәртип-қағыйданы бузғаны ушын 29 абитуриент тесттен шетлетилди. Соның ишинде, 26 абитуриентт телефон ҳәм басқа түрдеги электон қураллардан пайдаланғаны ушын, 1 абитуриент шпаргалка, 1 абитуриент калькулятор ҳәм және биреўи өтирик ҳүжжет пенен тестке киргени ушын шетлетилди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

    Лондон Патшалық колледжиниң илимпазлары Лондон Империал колледжиниң кәсиплеслери менен биргеликте лаборатория шараятында жасалма түрде инсан

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Өзбекстан гидрометеорология хызмети агентлиги 17-апрель күни ушын ҳаўа-райы прогнозын жәриялады. Мәлим етилиўинше, ертең, 17-апрель күни Республиканың...

Трамп енгизген бажылар себепли iPhone баҳалары 30 процентке қымбатлаўы мүмкин

Трамп енгизген бажылар себепли iPhone баҳалары 30 процентке қымбатлаўы мүмкин

        Apple‘дың жаңа смартфонлары АҚШ президенти Доналд Трамп ҳәкимшилигиниң бажыхана төлемлери себепли 30 процентке қымбатлаўы мүмкин.