Telegram karinform

Жәмийет

  • 02.09.2020 17:09
  • 655

Абитуриент рухсатнамасын алыўға үлгермеген абитуриентлер дыққатына! Енди тәшўишлениўге орын жоқ

Абитуриент рухсатнамасын алыўға үлгермеген абитуриентлер дыққатына! Енди тәшўишлениўге орын жоқ

Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалабалық коммуникациялар агентлигинде өткерилген брифингде Мәмлекетлик тест орайының жуўапкерлери тәрепинен абитуриентлер ушын әҳмийетли жаңалық мәлим етилди, деп жазады ӨзА.

- Ҳәр бир абитуриент өзине тийисли рухсатнаманы алыўы ҳаққында телефон арқалы хабарнамалар менен ескертилген болыўына қарамастан, мыңға шамалас абитуриенттиң рухсатнамаларын алмағаны бақланған, - деди МТО басқарма баслығы Б.Ражабов.

- Абитуриентлерге еле де қолайлық жаратыў мақсетинде соны атап өтиў керек, усы күнге шекем рухсатнама алмаған абитуриентлерге тест сынағына кириўден 1 саат алдын имтиханлар өткерилетуғын орынның өзинде рухсатнамасын бериў имканияты жаратылған.

Мәмлекетлик қабыллаў комиссиясының қарарына муўапық, тест сынақлары өткерилетуғын стадион ҳәм қыябанларға жоқары оқыў орынларының ректорлары (филиал директорлары) жуўапкер етип бириктириледи.

Бириктирилген жуўапкерлер абитуриентлерди тәртипти ҳәм социаллық аралықты сақлаған ҳалда тийисли аймақлардың кириў орынларына бағдарлайды және рухсатнамасын алмаған абитуриентлерге «Абитуриент рухсатнамасы»н шығарып бериўди тәмийинлейди, деп жазылған хабарда.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

        Бул норма Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 183-статьясында келтирилген «Майда гүдибузарлық, яғный, жәмийетлик орынларда