Telegram karinform

Жәмийет

  • 03.09.2020 16:51
  • 985

Коронавирус жуқтырып алған балаларда «Кавасаки синдромы»ның белгилери ушырап атырғаны рас па? Қәниге ата-аналарға ескертиў жәриялады

Коронавирус жуқтырып алған балаларда «Кавасаки синдромы»ның белгилери ушырап атырғаны рас па? Қәниге ата-аналарға ескертиў жәриялады
Сораўға ӨзР Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Коронавирусқа қарсы гүресиў штабының ағзасы С.Убайдуллаева төмендегише жуўап берди:

«Кавасаки синдромы» генетикалық кеселлик болып, ол тийкарынан 4-5 жасқа шекемги болған балаларда ушырайды. Бул – оғада сийрек ушырасатуғын ири ҳәм майда қан тамырларының өзгериўи, бала организминиң системалы өзгериўи менен өтетуғын кеселлик.

Ҳәзирги ўақытта раўажланған еллерде, Россия Федерациясы ҳәм қоңсылас Қазақстан мәмлекетинде де усы синдромға уқсас жағдайлар балаларда бақланып атырғаны ҳаққында мағлыўматлар бар.

Бизиң мәмлекетимизде бул кеселлик ушырамады, деп айтыўымыз қыйын, ал балаларда өткен орташа аўыр түрлеринде бул кеселлик белгилерине уқсас жағдайлар бақланған болыўы мүмкин.

Бизде бул синдром ушырады, деп айтыўымыз ушын кеселлик тастыйықланыўы керек. Ҳәзирги ўақытта бул синдромға уқсас жағдайлар анық тастыйықланбады. Бирақ, бул бизде бақланбады дегенди билдирмейди. Кавасаки синдромына уқсас кеселликлер балаларда бақланыўы ҳәм көбейиўи де мүмкин.

Бул синдромға уқсас кеселлик келип шығыўында коронавирус тәсиринде бала организминде болып өтетуғын күшли асқыныў оның иммун системасының күшейип, қан тамырлары өткериўшеңлигиниң бузылыўын келтирип шығарады.

Баланың дене температурасы 5 ҳәм оннан көп күн даўамында 38 градустан жоқары болады. Денесине түрли тасыўлар тасыўы бақланады, қоллардың алақаны ҳәм табанлардың териси көшиўи бақланыўы мүмкин.

Бала организминде өтип атырған процесстиң аўыр ямаса жеңиллигине қарай усы белгилер бақланады.

Ата-аналар балаларда аязлаў белгилериниң жүзеге келиўи менен поликлиникалардағы шаңарақлық шыпакер ямаса педиатрға мүрәжат етиўи керек.

Бул синдром жүрек миокардына болған тәсири себепли миокардит кеселлигин келтирип шығарады, айрым жағдайларда бала организминдеги күшли иммун реакция оның өлимине себепши болып қалыўы да мүмкин».

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

Уқсас жаңалықлар

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Өзбекстан гидрометеорология хызмети агентлиги 17-апрель күни ушын ҳаўа-райы прогнозын жәриялады. Мәлим етилиўинше, ертең, 17-апрель күни Республиканың...