Telegram karinform

Жәмийет

  • 09.09.2020 12:55
  • 858

Қарақалпақстанның 9 районында қолда терилген пахтаның ҳәр бир килограмына үстеме ҳақы төленеди – Ҳүкиметлик қарар

Қарақалпақстанның 9 районында қолда терилген пахтаның ҳәр бир килограмына үстеме ҳақы төленеди – Ҳүкиметлик қарар
ӨзР Министрлер Кабинетиниң «2020-жыл пахта зүрәәтин жыйнап-терип алыў жумысларын шөлкемлескенлик пенен өткериў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.

Қарарға муўапық, Қарақалпақстан Республикасының төменде көрсетилгн районларында қолда терилген ҳәр бир килограмм пахта шийки заты ушын усыныс етилген тариф ставкасына мәмлекетлик бюджеттиң қосымша қаржылары есабынан 200 сумнан үстеме ҳақы төленеди:

1) Қанлыкөл районы;
2) Қараөзек районы;
3) Кегейли районы;
4) Қоңырат районы;
5) Тахтакөпир районы;
6) Хожели районы;
7) Шоманай районы;
8) Шымбай районы;
9) Нөкис районы.

Сондай-ақ, қарар тийкарында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм районлардың ҳәкимликлери билимлендириў, денсаўлықты сақлаў шөлкемлери ҳәм басқа бюджет шөлкемлериниң хызметкерлерин және билимлендириў мәкемелериниң оқыўшылары ҳәм студентлерин пахта шийки заты жыйым-теримине шығарыў жағдайларының алдын алыў ҳәм буған шек қойыў бойынша жуўапкер екенлиги белгилеп қойылды.

Еслетип өтемиз, быйылғы терим мәўсиминде қолда терилген ҳәр бир килограмм пахта шийки заты ушын биринши теримде 1000 сумнан, екинши теримде 1400 сумнан кем болмаған муғдарда мийнет ҳақы төленеди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

      9-апрель күни саат 22:08 де Қарақалпақстан Республикасы, Төрткүл районы «Аққамыс» АПЖ аймағынан өткен А-380 магистрал