Telegram karinform

Жәмийет

  • 09.09.2020 17:55
  • 701

1-класс оқыўшыларына «Президент саўғасы» 14-сентябрь күни тапсырылады

1-класс оқыўшыларына «Президент саўғасы» 14-сентябрь күни тапсырылады
Быйылғы жылы да әдеттегидей 1-класс оқыўшылары ушын «Президент саўғасы» тапсырылады. Бул ҳаққында ӨзА хабар берди.

Арнаўлы комиссияның қарарына муўапық, пандемия шараятын есапқа алып мектеплерде жаңа оқыў жылының биринши күни 14-сентябрь етип белгиленди. Мектеплерде усы күни 650 мыңға шамалас оқыўшыға «Президент саўғасы» тапсырылыўы жобаластырылған.

1-класс оқыўшыларына берилетуғын «Президент саўғасы» қурамынан 12 түрдеги оқыў қураллары, соның ишинде, портфель, дәптерлер, сүўрет дәптери, акварель бояўлары, реңли қағаз, қәлем қутысы, шарикли ручка, реңли ҳәм әпиўайы қәлемлер, пластилин, желим ҳәм өширгиш орын алған.

Сондай-ақ, хабарда жазылыўынша, «Президент саўғасы» оқыўдың дәстүрий ямаса аралықтан оқытыў түрин сайлаўына қарамастан, барлық оқыўшыларға бериледи. Бунда «Президент саўғасы» аралықтан оқыўды мақул көрген 1-класс оқыўшыларының ата-аналарына тапсырылады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

Уқсас жаңалықлар

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

        Президент тапсырмасына бола, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы