Telegram karinform

Жәмийет

  • 10.09.2020 15:35
  • 1106

Сырт ел валютасын нызамға қайшы түрде сатыўға ҳәрекет еткен пуқара усланды

Сырт ел валютасын нызамға қайшы түрде сатыўға ҳәрекет еткен пуқара усланды
Усы жылдың 8-сентябрь күни Департаменттиң Қарақалпақстан Республикасы Төрткүл районлық бөлими тәрепинен пуқара Ф.Г.ның арзасына тийкарланып оператив илаж өткерилди.

Илажда пуқара Ж.А. нызамға қайшы түрде Төрткүл районы «Шорахан» АПЖ 10-бөлим Асалчилик көшеси бойында жайласқан асханада арза бериўши пуқара Ф.Г.ға ҳәр бир Россия рублин 145 мың сумнан есаплап, жәми 172 400 Россия рублин улыўма 24 998 000 сумға сатқан ўақытта айғақлы дәлиллер менен усланды.

Департаменттиң Төрткүл районлық бөлиминиң бизге мәлим етиўинше, Өзбекстан Республикасы Орайлық банки тәрепинен 2020-жыл 8-сентябрь күнги жағдай бойынша 1 Россия рублиниң сумға салыстырғандағы баҳасы 136 сум 28 тийинди қураған болып, пуқара Ж.А.ның нызамға қайшы түрде сатқан 172 400 Россия рубли 23 494 672 сумды қураўы керек болған.

Ҳәзирги ўақытта бөлим тәрепинен пуқара Ж.А.ға ӨзР Жынаят кодексиниң 177-статьясының 2-бөлими тийкарында жынаят иси ашылып, дәслепки тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

Уқсас жаңалықлар

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

            2025-жыл 30-июньнен баслап, визасыз Россияға киретуғын сырт ел пуқаралары «Gosuslugi RUID» мобиль қосымшасында дизимнен өтип,

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

        Президент тапсырмасына бола, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы