Telegram karinform

Жәмийет

  • 11.09.2020 11:25
  • 1331

Нөкис қалалық ҳәкимлиги бос жумыс орынларына таңлаў жәриялайды

Нөкис қалалық ҳәкимлиги бос жумыс орынларына таңлаў жәриялайды
Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги Қарақалпақстан Республикалық филиалы Нөкис қалалық ҳәкимлиги менен биргеликте қала ҳәкимлигиндеги вакант лаўазымларды билимли, қәнигелиги бойынша тәжирийбеге ҳәм жоқары потенциалға ийе талабанлар менен толтырыў мақсетинде ашық ҳәм еркин таңлаў жәриялайды:

√ Нөкис қалалық ҳәкимлигиниң Баспасөз хызмети басшысы;
√ Жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық мәселелери бойынша жетекши қәнигеси.

Жоқарыда көрсетилген вакант лаўазымларына талабанлар төмендеги талапларға жуўап бериўи тийис:

- жоқары мағлыўматлы;
- Өзбекстан Республикасы пуқарасы;
- мәмлекетлик тилди ҳәмде компьютер технологияларын толық билиўи;
- еркин пикирлеў ҳәм тапсырмаларды бийғәрез орынлаў қәбилетине ийе болыўы.

Жумыс шараятлары:

Жумыс күни: дүйшемби, сийшемби, сәршемби, пийшемби, жума.
Демалыс күнлери: шемби, екшемби.
Жумыс ўақты: 09:00 ден 18:00 ге шекем.

Таңлаўда қатнасыў нийетинде болған талабанлар Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлигиниң «Мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлери вакант лаўазымларының бирден-бир ашық порталы» (https://vacancy.argos.uz/)нан дизимнен өтиўи, Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қалалық ҳәкимлигинде бос жумыс орынларының бирин таңлап, соралған ҳүжжетлерин электрон түрде усыныўы керек.

Итибар қаратың!

Таңлаўда қатнасып атырған талабан бир ўақыттың өзинде 1 бос жумыс орны ушын арза менен мүрәжат етиў имканиятына ийе.

Таңлаўда қатнасыў бойынша арзаларды қабыл етиў тек ғана талабанлар тәрепинен сайттағы электрон сораўнаманы толтырыў арқалы әмелге асырылады.

Мағлыўмат ушын телефонлар: (61) 224-18-74, (61) 222-71-45.

Талабанлардан арза ҳәм керекли ҳүжжетлерди қабыл етиў мүддети:
2020-жыл 11-сентябрьден – 25-сентябрьге шекем.

Таңлаў төмендеги басқышларда өткериледи:

1-басқыш - ҳүжжетлерди қабыл етиў;
2-басқыш - талабанлардың вакант лаўазымына қойылатуғын қәнигелик талапларына муўапықлығын үйрениў;
3-басқыш - талабанлар менен сәўбет өткериў;
4-басқыш - талабанларды жумысқа қабыл етиў ҳаққында усыныс бериў.

Арза ҳәм ҳүжжетлерди қабыллаў мүддети өткеннен соң жиберилген арза ҳәм ҳүжжетлер қабылланбайды.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Фото: Шухрат Латипов / “Gazeta.uz”   Мийнет кодексиниң 333-статьясына муўапық, жумыс бериўши ис ҳақын, демалыс төлемлерин, мийнет...

Еки ҳәм оннан көп 12 жасқа толмаған балалары болған ата-аналарға қосымша демалыс бериледи

Еки ҳәм оннан көп 12 жасқа толмаған балалары болған ата-аналарға қосымша демалыс бериледи

    Мийнет кодексиниң 401-статьясына тийкарланып, он еки жасқа толмаған еки ҳәм оннан артық баланың яки он

Жүрек саламатлығы ушын әҳмийетли усыныслар

Жүрек саламатлығы ушын әҳмийетли усыныслар

    Дурыс аўқатланың. – Майлы дузлы ҳәм тез таярланатуғын аўқатлар жүрек ушын зыянлы; – Дәнли өнимлерди