Telegram karinform

Жәмийет

  • 11.09.2020 18:22
  • 1005

10-сентябрь күни Кегейли районында…

Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң тапсырмасына муўапық, усы жылдың 10-сентябрь күни Кегейли районында «Қуралланған жынайый топарлар тәрепинен әмелге асырылған жарылыў ақыбетлерин сапластырыўда биргеликтеги күшке ийе структуралардың ҳәрекетлери» атамасында арнаўлы-тактикалық оқыў шынығыўы өткерилди.

ҚР ИИМ мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, оқыў шынығыўында тийкарынан «Қуралланған жынайый топарларды қуралсызландырыў, гиреўге алынғанларды азат етиў», «Жәмийетлик тәртипти сақлаўда пуқаралар қәўипсизлигин тәмийинлеў» және «Жарылыў қәўпи болған предметлерди зыянсызландырыў» мәселелерине әҳмийет қаратылды.

Оқыў шынығыўын өткериўден тийкарғы мақсет, Қарақалпақстан Республикасы ишки ислер уйымлары тәрепинен халықтың тыныш ҳәм абадан турмыста жасаўын тәмийинлеў, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықларға қарсы гүресиў, жәмийетлик тәртипти сақлаў және басқа күшке ийе структуралар және олардың жаўынгерлик бөлимшелери менен биргеликте ислесиў, турақлы түрде байланыста болыў системасын жаратыў және ҳәр бир хызметкер тәрепинен өз хызмет ўазыйпасының жоқары дәрежеде орынланыўына ерисиў болып табылады.
10-сентябрь күни Кегейли районында…
10-сентябрь күни Кегейли районында…
10-сентябрь күни Кегейли районында…
10-сентябрь күни Кегейли районында…

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

Уқсас жаңалықлар

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...