
Жоқары аттестациялық комиссиясының тийисли нызамларында айырым жағдайларда диссертация қорғамасада илимий дәреже бериў бойынша мағлыўматлар келтирип өтилген. Оған муўапық, илим ҳәм технологиялары раўажландырыў, экономика тармақларын модернизациялаў ҳәм социаллық раўажланыўға үлкен үлес қосқан ири ойлап табылмалар авторларына илимий дәрежени бериў интеллектуал мүлк агентлиги, тийисли министрлик ҳәм органлардың жуўмақларына бола илимий кеңес усыныснамасы тийкарында жоқары аттестациялық комиссиясы менен әмелге асырылады, деп келтирип өтилген www.uzscience.uz сайтында.
Сахибжамал Есемуратова