Telegram karinform

Жәмийет

  • 16.09.2020 11:14
  • 889

Әмиўдәрьяда тәртип-қағыйдаларға бойсынбай той сейилине шыққанларға шара көрилди

Әмиўдәрьяда тәртип-қағыйдаларға бойсынбай той сейилине шыққанларға шара көрилди
Усы жылдың 5-сентябрь күни Әмиўдәрья районы «Әмиўдәрья» АПЖ Гөне бас суў аймағындағы 275-жайда жасаўшы пуқара М.А.ның баласы К.Ў.диң үйленген тойында келин-күйеў ҳәм оның жора-жолдаслары той сейилине шығыў мақсетинде усы АПЖ аймағынан өтиўши ишки айланба жолында 6 «Captiva», 1 «Malibu», 1 «Lacetti» ҳәм 1 «Matiz» маркалы автомобильлерде топар болып ҳәрекетленип, жол ҳәрекети қағыйдаларына әмел етпеген.

ҚР ИИМ ЖҲҚБ баспасөз топарының мәлим етиўинше, той сейили даўамында пуқара Н.Ж. машинаның жоқарғы (люк) бөлегинен денесин шығарып, жол ҳәрекети қағыйдаларын турпайы түрде бузған.

Бул ўақыялар жол жерден өтип баратырған пуқаралар тәрепинен қол телефонына түсирилип, социаллық тармақларға тарқатылған.

Нәтийжеде қағыйда бузыўшыларға ҚР ИИМ Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы Жол-патруль хызметиниң 2-көшпели топар хызметкерлери тәрепинен ӨзР Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 129-статьясына тийкарланып ҳәкимшилик шара көрилген ҳәм автотранспорт қураллары ўақытша жәрийма майданшасына қойылған.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

        Германияда адамлар өлгеннен кейин келешекте қайта тирилиўи ушын денелерин ўақтынша музлатып қойыў хызмети иске түсти.

Наўқасқа тез медициналық жәрдем көрсетпеген шыпакерлерге жуўапкершилик бар

Наўқасқа тез медициналық жәрдем көрсетпеген шыпакерлерге жуўапкершилик бар

    Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 591-статьясына бола, өмири яки денсаўлығы ушын қәўипли жағдайда болған шахсқа медицина

Студент қандай жағдайларда оқыўдан шетлетиледи?

Студент қандай жағдайларда оқыўдан шетлетиледи?

Ҳүкиметтиң 2017-жыл 20-июнь сәнесиндеги 393-санлы қарарына бола, студентлер төмендеги жағдайларда оқыўдан шетлетиледи: – Өз қәлеўи менен;...