Telegram karinform

Жәмийет

  • 03.12.2017 00:55
  • 2203

ТИТУ студенти усы жылы енгизилген Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы стипендия ийеси болды



Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялары университети Нөкис филиалының студенти Улбосын Сапарова 2017-2018-оқыў жылында усы жылы биринши мәрте енгизилген зийрек студентлер ушын берилетуғын Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы стипендия ийеси болды.
Ол усы университеттиң «Компьютер инжиниринги» факультетиниң телекоммуникация технологиялары бағдары 2-басқышында билим алмақта.
«Ол өзиниң сабақларын толық өзлестирип, айрықша баҳаларға оқыў менен бирге, көплеп илимий конференцияларға қатнасып келмекте. Бүгинге дейин ол устазлары менен биргеликте 12ге жақын илмий мақала ҳәм тезислери менен халық аралық ҳәм республикалық илмий-әмелий конференцияларда белсене қатнасқан. Улбосын «Ең жақсы тармақ администраторы» таңлаўына да белсенди қатнасты», - деп хабар берди усы университет Нөкис филиалының оқыў жәрдемши бөлиминиң лаборанты Саламат Авезов.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет