Telegram karinform

Жәмийет

  • 21.09.2020 12:12
  • 769

Магистратура имтиханларына қатнаса алмаған айырым абитуриентлерге және бир имканият берилмекте

Магистратура имтиханларына қатнаса алмаған айырым абитуриентлерге және бир имканият берилмекте
Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги республикалық жоқары оқыў орынларының магистратурасына оқыўға кириў ушын дизимнен өткен (арза тапсырған), бирақ кеширимли себеплерге байланыслы онлайн тест сынақларына қатнаса алмаған абитуриентлердиң мүрәжатларына тийкарланып (арза менен мүрәжат еткен ҳәм арзалары тийкарлы деп табылған) олар ушын 2020-жыл 22-сентябрь күни саат 10:00 де онлайн тест сынақлары өткерилетуғынлығын мәлим етти.

Усы онлайн тест сынақларына қатнасыўға рухсат берилген (арза менен мүрәжат еткен ҳәм арзалары тийкарлы деп табылған) абитуриентлер 2020-жыл 21-сентябрь күни саат 10:00 ден баслап өзлериниң жеке кабинетлеринен (magistr.edu.uz платформасындағы) логин ҳәм пароли арқалы онлайн тест сынақларына қатнасыў ушын рухсатнама алыўы мүмкин.

Усы категориядағы абитуриентлерден рухсатнамаларында белгиленген мәнзиллерге (аймақ, имарат) пуқаралық паспорты және тестке қатнасыў рухсатнамасы менен 22-сентябрь күни саат 09:30 ға шекем жетип келиўи талап етиледи.

Белгиленген мүддеттен кешигип келген абитуриентлер тест сынақларына киргизилмейди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...