Telegram karinform

Жәмийет

  • 29.09.2020 17:01
  • 857

Тахтакөпирде жаңа мешитлердиң қурылысы басланды

Бүгин Қарақалпақстан мусылманлар қазыяты қазысы Шамсутдин Баўатдинов Тахтакөпир районына барып район ҳәкими Жамбул Адилов ҳәм районның бас имамы Бахберген Надировлар менен бирге райондағы «Дәўқара» АПЖ аймағында болды.

Район ҳәкимлиги мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, бул аймақта аўыл ақсақаллары ҳәм белсендилери менен биргеликте мешит қурылатуғын орын белгиленди ҳәм мешиттиң биринши қазығы қағылды. Басланған бул қайырлы ҳәм саўаплы иске қуран тилаўат етилип, жәмәәт пенен жақсы тилеклер тиленди.

Соң усы жәмәәт пенен райондағы «Мүлик» аўыл пуқаралар жыйыны аймағына барып, аўыл халқы менен биргеликте бул жерде қурылысы басланып атырған жаңа мешиттиң дәслепки гербишлери қойылды.

Аўыл халқын қуўанышқа бөлеп, қурылысы басланып атырған бул мешитлер халқымыздың жақсы нийетлерин қабыл етиўши, ата-бабалар руўҳын шад әйлеп, мусылманшылық парызын орынлаўға хызмет ететуғын уллы дәргай болатуғынына исенемиз, - деп жазылған хабарда.
Тахтакөпирде жаңа мешитлердиң қурылысы басланды
Тахтакөпирде жаңа мешитлердиң қурылысы басланды
Тахтакөпирде жаңа мешитлердиң қурылысы басланды

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

Уқсас жаңалықлар

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

    Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында