Telegram karinform

Жәмийет

  • 29.09.2020 17:33
  • 733

Денсаўлықты сақлаў министрлиги Нөкис қалалық емлеўханасының жағдайы бойынша рәсмий билдириў жәриялады

Денсаўлықты сақлаў министрлиги Нөкис қалалық емлеўханасының жағдайы бойынша рәсмий билдириў жәриялады
Соңғы күнлери социаллық тармақларда видео арқалы Амантай Сейтмуратов атлы пуқараның мүрәжаты тарқалды. Бул бойынша ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен сорастырыўлар алып барылып, төмендегилер анықланды.

«Видеода көрсетилген Нөкис қалалық емлеўханасында 2019-жыл басында киши оңлаў жумыслары алып барылған. Кейинги жылғы ремонт жумыслары пандемия себепли кешигип атырғаны белгили. Бул бойынша тийисли қаржылар ажыратылыўы белгиленген. Жобадағы гезек бойынша видеода көрсетип өтилген Неврология бөлиминде оңлаў жумыслары алып барылады.

Емлеўхананың материаллық-техникалық базасы ҳәм палаталардың тозыўы бул – емлеўханада наўқасларға үзликсиз медициналық жәрдем көрсетиў нәтийжесинде болғаны белгили ҳәм тәбийғый жағдай. Емлеўхана жобалы рәўиште өз ўақтында дезинфекцияланбақта.

Сондай-ақ, мүрәжатта айтып өтилген пуллы ҳәм пулсыз медициналық жәрдем көрсетиў бойынша: Емлеў-профилактика орынларының пуллы медициналық хызмет көрсетиўге өтиўи Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў системасын реформалаў мәмлекетлик бағдарламасында белгиленген мүддетлер ҳәм муғдарларға муўапық (ӨзР Президентиниң 1998-жыл 10-ноябрьдеги ПП-2107-санлы пәрманына тийкарланып), сондай-ақ халыққа медициналық жәрдем көрсетиўдиң қосымша (мәмлекет тәрепинен кепилленгенинен артық) түрлерине болған талаптан келип шығып әмелге асырылады. Бунда пуллы хызметтен келип түскен қаржылар ушын емлеўханада арнаўлы өз алдына есап бети болады. Соның менен бирге, мәмлекет тәрепинен кепилленген медициналық жәрдем бойынша тийкарынан бийпул орынлар ажыратылған ҳәм орынлар жетерли (бул видеода да көринип тур).

Улыўма алғанда, медицина тараўында көрсетилип атырған кемшиликлерди туўрылаў арқалы медициналық хызмет көрсетиўдиң сапасы жақсыланып барыўы сөзсиз.

Бирақ, соңғы ўақытлары қайсы тараўда болсын мүрәжатларға сер салсақ, оларда тийкарлы-тийкарсыз, толық үйренилмеген жағдайларды социаллық тармақларға алып шығыў жағдайлары ушыраспақта. Бул видеомүрәжатта жоқары лаўазымдағы шахс пулларды өзлестириўи бойынша тийкарсыз айыпланады. Фактлердиң жоқлығы ҳәм тийкарсыз айыплаў болса, бул мүрәжат ийесиниң тийисли нызамлар бойынша ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылыўына себеп болады.

Ҳүрметли пуқаралар, денсаўлығыңыз төменлегенде сизге медициналық жәрдем көрсеткен ҳәм аяққа турыўыңызда өз үлесин қосып атырған емлеў орынларына биринши гезекте рахмет айтыўды умытпайық. Халқымызда «Бир күн дуз татқан жериңе қырық күн сәлем бер» деген әжайып даналық бар. Соннан келип шығып, егер де бир мәселе ямаса жағдай бойынша мүрәжат етпекши болсаңыз, емлеў орны ямаса шахсқа толық ҳүрметти сақлаған ҳалда, мүрәжат етиў мәдениятына әмел етиўиңизди соранамыз. Сиз көтерген мәселелер биз ушын әҳмийетли, бул арқалы биз халқымызға медициналық хызмет көрсетиўдиң сапасын көтериўге ерисемиз», - деп жазылған Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги Мәлимлеме хызметиниң рәсмий билдириўинде.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

    Соңғы жылларда көпшилик адамлар социаллық тармақлардан жийи пайдаланбақта. 2024-жылдың январь айындағы мағлыўматларға муўапық, дүня жүзинде

Қараўсыз қалған ҳайўанларды услап алған шахс оны ийесине қайтарыўы керек

Қараўсыз қалған ҳайўанларды услап алған шахс оны ийесине қайтарыўы керек

    Пуқаралық кодекстиң 195-статьясына тийкарланып, қараўсыз ямаса адасып қалған шарўа малларын яки баска қараўсыз үй ҳайўанларын

Коррупция ҳаққында хабар берген шахслар хошаметленеди

Коррупция ҳаққында хабар берген шахслар хошаметленеди

    Министрлер Кеңесиниң 2020-жыл 31-декабрьдеги 829-санлы қарарына муўапық, коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлық ҳаққында Бас прокуратура, Мәмлекет қәўипсизлик