Telegram karinform

Жәмийет

  • 02.10.2020 13:15
  • 915

Нөкисте болажақ шыпакерлер Канада стандарты бойынша оқыйды. Оның абзаллығы неде?

Нөкисте болажақ шыпакерлер Канада стандарты бойынша оқыйды. Оның абзаллығы неде?
Қарақалпақстан медициналық институтында Өзбекстан Инновациялық денсаўлықты сақлаў миллий палатасы жәрдеминде медицина тараў қәнигелерин Канада стандарты бойынша оқытыў жойбарын әмелге асырыў жобаластырылған. Бул ҳаққында ӨзА хабар берди.

Өзбекстан Республикасы Инновациялық денсаўлықты сақлаў миллий палатасы баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, сентябрь айының ақырында Нөкис қаласында болып өткен ушырасыўда Миллий палата баслығы Ровшан Изамов ҳәм Қарақалпақстан медициналық институтының ректоры Орал Атаниязова усы мәселе бойынша келисип алды.

2019-жылдың ақырында Миллий палата ҳәм Канада халықаралық патшалық колледжи тәрепинен Өзбекстанда медицина тараўы қәнигелерин Канада стандарты бойынша оқытыў имканиятларын жаратыў мақсетинде өз ара меморандумға қол қойылған еди.

Буған тийкарынан күшли профессор-оқытыўшылар қурамына, медицина тараўындағы қурамалы фундаменталь изертлеўлерге ийе Қарақалпақстан медициналық институты елимиздеги алдынғы жоқары оқыў орны сыпатында оқытыўдың Канада бағдарламасы тийкарында дипломнан кейинги билимлендириў ушын аккредитацияласқан курс қәлиплестириў имканиятына ийе болады.

Медицина тараўына халықаралық билимлендириў стандартларын енгизиў Өзбекстан басшылығының Инновациялық денсаўлықты сақлаў миллий палатасы алдына қойған әҳмийетлик ўазыйпалардың бири болып табылады. Бул жойбар ушын усы бағдарда денсаўлықты сақлаў сапасы менен белгили болған Канада сайлап алынған.

Үш тәрептиң қатнасыўындағы онлайн форумда Канада халықаралық патшалық колледжи Өзбекстан медициналық жоқары оқыў орынлары ҳәм оқытыў бағдарламасын аккредитациядан өткериў менен жуўмақланатуғын әмелий жумысқа тайын екенлигин тастыйықлады. Бул болса шыпакерлерге Канадада ҳәм Канада билимлендириў системасы тән алынған мәмлекетлерде жумыс ислеў имканиятын береди.

Нөкисте Р.Изамов ҳәм О.Атаниязова Қарақалпақстан медициналық институты базасында Миллий палата жәрдеминде «COVID-19» бенен гүрес алып барып атырған шыпакерлердиң қәнигелигин жетилистириў мақсетинде симуляциялық оқыў курсын ашыў имканиятын да додалады. Усы мақсетте Миллий палата барлық зәрүр болған заманагөй үскенелер ҳәм пандемияға қарсы гүресте халықаралық тәжирийбеге тийкарланған соңғы методикалық қолланбаларды жеткерип бериўди жобаластырмақта.

Пандемияның өтиў тәжирийбеси соннан дәрек береди, «COVID-19» бенен кеселленген наўқасларды сапалы емлеўде медицина хызметкерлериниң көнликпеси, олардың заманагөй үскенелер, атап айтқанда, өкпеге жасалма түрде ҳаўа жеткерип бериў үскенеси менен ислеў тәжирийбеси және ҳәр бир наўқастың индивидуаллық өзгешеликлерин есапқа алыў әҳмийетли роль ойнайды. Әмелдеги шыпакерлердиң ҳәм студентлердиң бундай арнаўлы курсты өтеўи наўқасларды пандемия сыяқлы айрықша жағдайларда емлеўди сезилерли дәрежеде жақсылайды.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...