Telegram karinform

Мәденият

  • 04.12.2017 22:27
  • 2462

«Айдаўшы», «тәдбир», «сәдир етиў»… – заманагөй қарақалпақ тилиниң ең актив қолланылатуғын сөзлери



«Айдаўшы». Бул сөзди көбирек ғалаба хабар қураллары арқалы, әсиресе, «Қарақалпақстан» телеканалындағы «Автопатруль» көрсетиўи арқалы жақсы билемиз. Ал күнделикли турмысымызда оны «шофёр» деп қолланатуғынлығымыз ҳақыйқат. Бул сөзди еситкен ўақтымызда ериксиз көз алдымызға жол патруль хызметкерлери елеслейди.

«Тәдбир» сөзи де тилимиздеги ең актив қолланылатуғын сөзлерден. Әсиресе, шөлкемлестириўшилик жумыслары менен шуғылланатуғынлар, жаслар аўқамы белсендилери ҳәм басшы лаўазымда ислейтуғынлардың ең жақсы көрген сөзи. Мен усы сөзди еситкенимде жоқарыда санап өтилген тараў хызметкерлерин көз алдыма келтиремен (Сизлер де солай шығар…).

«Сәдир етиў». Бул сөзди кәсиплик сөз (профессионализм) деп қараў ўақты келди, деп ойлайман. Өйткени, бул сөзди жақсы қолланатуғынлар – ҳуқық қорғаў ҳәм ишки ислер уйымлары хызметкерлери. Булардан басқа баса-бас қолланып атырған адамларды ямаса кәсип ийелерин ушыратпадым.

Және бастан баслаймыз. «Айдаўшы» сөзиниң «хит» болып кетиўинде «машина айдаў» деген сөз бирикпесиниң үлкен үлеси бар. Бул сөз бирикпеси көбирек аўызеки сөйлеўде қолланылады. Ал ҳәзир усы норманы биз әдебий тилимизде жазылыўы керек болған текстли материалларда, таярланып атырған телекөрсетиў ҳәм радиоеситтириўлерде биймәлел қолланып жүрмиз. Биз әпиўайы халықтың пикирин үйрениў ушын киши социологиялық сораў өткергенимизде, адамлар бул сөзди қолланыўды онша еп көрмейтуғынлығын анықладық. Русшасы «водитель», өзбекшеси «ҳайдовчи» болған бул сөз тиккелей «айдаўшы» болды да қалды. Оның орнына әдебий тил нормаларына толық сәйкес келетуғын «БАСҚАРЫЎШЫ», «АВТОМОБИЛЬ БАСҚАРЫЎШЫСЫ» деген сөзлерди қолланыўды ойлағанлар болмады. Болса да, үндемей, қуры тамашагөй болып тура берди…

«Тәдбир» болса өзбек тилиниң тәсиринде, өзлерин «ақыллы аўдармашылар» деп билетуғынлардың, анығын айтқанда, соның қарақалпақша аўдармасы «ИЛАЖ» екенлигин сөзликлерден излеўди ойына келтирмеген, ойына келтирсе де ериншеклиги басым болған «ғайраткерлер»диң белсенди жумыслары натийжесинде тилимизге кирип келди ҳәм кең ен жайды.

Мен жоқарыда кәсиплик сөз деп баҳа берген «сәдир етиў» сөз бирикпеси де өзбек тилиндеги «содир этиш»тен тиккелей аўдарма сыпатында тилимизде тамыр жайды. Буның қарақалпақ тилиндеги аўдармасы «ЖҮЗ БЕРИЎ» екенлигин ойлап та көрмеген тараў ўәкиллери бүгин ғалаба хабар қураллары, әсиресе, жергиликли телевидение арқалы шығып алып, қайта-қайта усы сөзди тәкирарлап, нервимизди «қайнатып» жибереди.

Бир ғана сөз адамға тәсир етеди, дегени ҳақыйқатлық. Тилимиздеги усындай надурыс қолланып жүрген сөзлер ҳәр қандай адамның ашыўын келтиретуғынлығы анық. Бундай сөзлер жоқарыда санап өтилген 3 сөз ғана емес. КӨП. Оғада КӨП. Биз бул арқалы биреўди ямаса бир тараў ўәкиллерин айыпламақшы емеспиз. Тек ғана олардан ана тилимизге итибарлы болып, оны қолдан келгенше терең меңгериўге шақырғымыз келеди. Өйткени, халық айтқан-ғой: Ана сүти бой өсирер, Ана тили ой өсирер!

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда экобелсендилер ушын жеңилликлер бериў жобаластырылмақта

Өзбекстанда экобелсендилер ушын жеңилликлер бериў жобаластырылмақта

Уқсас жаңалықлар

Әжинияз Қосыбай улының  шығармалары түркмен тилинде басылып шықты

Әжинияз Қосыбай улының  шығармалары түркмен тилинде басылып шықты

    Әжинияз шайырдың 200 жыллығы мүнәсибети менен шығармалары түркмен тилине аўдармаланып китап ҳалында басылып шықты. Онда

Өзбекстан дүньяның ең күшли паспортлары рейтингинде көтерилди

Өзбекстан дүньяның ең күшли паспортлары рейтингинде көтерилди

    Өзбекстан дүньяның ең күшли паспортлар рейтингинде 68-орынды ийеледи, деп хабар береди Daryo.uz. Бул ҳаққында Passport

Самолёттың қайсы бөлеги қәўипсизрек?

Самолёттың қайсы бөлеги қәўипсизрек?

    Қәнигелердиң пикиринше, борттағы ең қәўипсиз жер самолёттың артқы тәрепиниң үштен бир бөлеги. АҚШ Пуқаралық Авиация