Telegram karinform

Технология

  • 10.10.2020 17:31
  • 1484

Кегейлиде санлы технологиялар оқыў орайы ашылды

Кегейлиде санлы технологиялар оқыў орайы ашылды
Бүгин, 10-октябрь күни Кегейли районында санлы технологиялар оқыў орайы ашылды.

Бул орайда районда жайласқан барлық мектеплерде 5-11-классларда билим алып атырған 9 000 нан аслам оқыўшыларды, сондай-ақ, жәмлеспеген жасларды және кәрхана, шөлкемлерде жумыс ислеп атырған хызметкерлердиң мәлимлеме-коммуникациялық тараўлар бойынша билим ҳәм көнликпелерин арттырыў жобаластырылған.

Кегейли районы санлы технологиялар оқыў орайына ӨзР Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларды раўажландырыў министрлиги тәрепинен оқыў курсларын шөлкемлестириў ушын оқыў бөлмесине 11 дана, киберспорт бөлмесине 5 дана, робототехника бөлмесине 3 дана компьютер техникалары орнатылып, интернет тармағына жалғанды.

Мағлыўмат ушын, министрлик тәрепинен 2019-жылда Нөкис қаласы, Мойнақ, Беруний ҳәм Қанлыкөл, 2020-жылы Елликқала, Әмиўдәрья районларында санлы технологиялар оқыў орайлары шөлкемлестирилди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

        Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ўәкилликлерине киргизилген мәселелер бойынша физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатларын жедел түрде қабыл