Үлкенлиги музлатқыштай келетуғын астероид Жерге АҚШта президент сайлаўлары болып өтетуғын сәнеден бир күн алдын түсиўи мүмкин. Бул ҳаққында америкалы астрфизик Нил Деграсс Тайсон мәлим етти.
«Үлкенлиги музлатқыштай келетуғын 2018VP1 космослық тас биз тәрепке саатына 25 мың миль (40,2 мың км/с) тезлик пенен жақынласпақта. Ол Жер менен президентлик сайлаўлардан бир күн алдын – 2-ноябрь күни соқлығысыўы мүмкин», - деп жазған илимпаз «Instagram» бетинде.
Тайсонның атап өтиўинше, астериод қайсы мәмлекеттиң аймағына түсиўи анық емес. Бирақ, илимпаз астероид Жерге зыян келтиретуғын ямаса АҚШ президентин сайлаў тәртибин бузатуғын дәрежеде үлкен емеслиги мәлим болғанлығын билдирген. Сондай-ақ, бундай өлшемдеги астероид үлкен зыян келтирмейди, деп айтқан.
Ислам Матеков.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz