Әмиўдәрья районы пахтакешлери 19-октябрь күни контракциялық шәртнамаларында көрсетилген 34 900 тоннадан аслам пахта жыйнап-терип алып, мийнет табысларын қолға киргизди. Бул ҳаққында «Amunews.uz» сайты хабар берди.
Районда ерте бәҳәрден 362 фермер хожалығы тәрепинен 15 мың 250 гектарлық майданға шигит егилген еди. Бир тегис көгерип шыққан ғаўаша нәллери агротехникалық қағыйдалар тийкарында тәрбияланып, мол зүрәәтке тийкар жаратылды.
Пахта жыйым-терими мәўсимине пуқта таярлық көрилди. Усы мақсетте 290 терим отрядлары шөлкемлестирилип, оларға улыўма 23 мың 266 тернимши қатнасты. Соннан 9283 теримши фермер хожалықларының жумысшылары болған болса, қалған 13 мың 983 и жәмлеспеген адамлардан ибарат. Олар шәртнама тийкарында пахта теримине қатнасты. Теримшилер ушын барлық шараятлар жаратылып, мәжбүрий мийнетке жол қоймаў бойынша қадағалаў жумыслары турақлы алып барылды.
Ислам Матеков.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz