Telegram karinform

Жәмийет

  • 23.10.2020 17:51
  • 771

Республикамызда жумыссызлық напақасының муғдары көбейтиледи

Республикамызда жумыссызлық напақасының муғдары көбейтиледи
«Халықтың бәнтлиги ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамы жәрияланды. Усы тийкарда 1998-жыл 1-майда қабыл етилген «Халықты жумыс пенен тәмийинлеў ҳаққында»ғы нызам өз күшин жойтады.

Жаңа нызам менен республикада жумыссызлық напақасының муғдары төмендегише көбейтиледи:

- жумыстан ҳәм мийнет ҳақыдан соңғы 12 айлық дәўир ишинде айрылған адамларға – алдынғы жумыс орнындағы орташа айлық мийнет ҳақының 50 проценти муғдарында, бирақ мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдары (679 330 сум)нан аз болмаған муғдарда (салыстырыў ушын, әмелдегиси мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 35,2 процентинен кем болмаған муғдарда);

- жумыстан ҳәм мийнет ҳақыдан айрылған және узақ (12 айдан көп) тәнепистен кейин мийнет жолын қайта баслаўға ҳәрекет етип атырған адаларға – мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 1 есеси муғдарында (салыстырыў ушын, әмелдегиси мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 26,5 ҳәм 35,2 процентинен кем болмаған муғдарларда);

- алдын жумыс ислемеген, биринши мәрте жумыс излеп атырған адамларға – мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының кеминде 75 проценти муғдарында (салыстырыў ушын, әмелдегиси мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 26,5 проценти муғдарында).

Нызам рәсмий түрде дағазаланғаннан күннен баслап 3 ай өтип күшке киреди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Дийқанлардың тәбийий апатлар ҳәм басқа да қәўиплерден көретуғын зыянларын қаплаўдың жаңа системасы жаратылады

Дийқанлардың тәбийий апатлар ҳәм басқа да қәўиплерден көретуғын зыянларын қаплаўдың жаңа системасы жаратылады

    Аўыл хожалығы қамсызландырыўына байланыслы жаңа илажлар: ➖ Зыян муғдары ғәрезсиз экспертлер тәрепинен баҳаланады; ➖ Мәмлекет

Бала пулын алып атырған шаңарақта балалардың саны көбейсе не болады?

Бала пулын алып атырған шаңарақта балалардың саны көбейсе не болады?

    Министрлер Кеңесиниң 654-санлы қарары менен тастыйықланған нызамға тийкарланып, – Балалар напақасы тайынланған шаңарақта балалар саны

Сиз неше саат уйқылайсыз?

Сиз неше саат уйқылайсыз?

    0-2 саат – бул аралықтағы уйқы дыққатты жәмлеўдиң қыйынласыўы ҳәм итибардың пәсейиўине алып келеди. 3-4