Telegram karinform

Жәмийет

  • 28.10.2020 14:22
  • 1079

Жоқары оқыў орынларында 2-ноябрьден дәстүрий оқыў басланыўы ҳаққындағы хабарлар қаншелли ҳақыйқат?

Жоқары оқыў орынларында 2-ноябрьден дәстүрий оқыў басланыўы ҳаққындағы хабарлар қаншелли ҳақыйқат?
2020-2021-оқыў жылы ушын бакалавриат ҳәм магистратура басқышында оқыўды онлайн ямаса дәстүрий тәризде баслаў бойынша қарар қабыл етиў ўәкиллиги жоқары оқыў орынларының өзинде қалдырылыўы мүмкин. Бул ҳаққында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиндеги дәрегине тийкарланып «Kun.uz» хабар берди.

Министрлик мәлимлеме хызмети қәнигеси Баҳриддин Шайвалиевтиң атап өтиўинше, 2-ноябрьден баслап барлық жоқары оқыў орынларында дәстүрий сабақлар басланыўы бойынша социаллық тармақларда тарқалып атырған хабарлар рәсмий тийкарға ийе емес.

- Оқыўды қай тәризде (онлайн ямаса дәстүрий) баслаў бойынша өткерилген сораўнама өз жуўмағына жетти ҳәм жуўмақлаўшы қарар жақын арада жәрияланады. Қандай қарар қабыл етилсе де студентлерге таярлық ушын белгили бир ўақыт бериледи, - деп айтып өткен.

Министрликтеги «Kun.uz» дәрегиниң билдириўинше, бакалавриат ҳәм магистратура басқышында оқыўды онлайн ямаса дәстүрий тәризде баслаў бойынша қарар қабыл етиў ўәкиллиги жоқары оқыў орынларының өзинде қалдырылыўы да мүмкин. Бунда жоқары оқыў орынлары қайсы билимлендириў бағдарында оқыўды онлайн даўам еттириў ямаса дәстүрий тәризде баслаў қарарын қабыл етеди.

Сондай-ақ, өткерилген сораўнама нәтийжелери бойынша қатнасыўшылардың көпшилиги дәстүрий сабақларға қайтыўды сораған. Бул бойынша жуўмақлаўшы қарар усы ҳәптеде қабыл етилетуғынлығын билдирген «Kun.uz» дәреги.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...