Интернет сайтлары ҳәм социаллық тармақларда усы жылдың 1-ноябрь күнинен баслап сырт елли зыяратшыларға умра ибадатын орынлаў ушын рухсат берилмекте, мазмунындағы тарқалған хабарларға Дин ислери бойынша комитет ҳәм Өзбекстан мусылманлары басқармасы анықлық киргизип өтти.
Хабарда жазылыўынша, 1-ноябрь күнинен сырт елли пуқараларға рухсат бериў бойынша билдирилген Саудия Арабстаны Патшалығы Ҳаж ҳәм умра министрлиги баянатында Умра ибадатына келиўшилер ушын бир неше шәрт ҳәм талаплар белгилеп қойылған.
Атап айтқанда, умра зыяратшысының жасы 18 ден 50 жасқа шекем болыўы (Саудия Арабстаны Патшалығы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң усынысына муўапық):
- коронавирусқа шалынбағанын дәлиллейтуғын терис нәтийжели ПШР (полимеразлы шынжырлы реакция) анализин усыныўы, бул анализ 72 саат ишинде алынған ҳәм исенимли лабораторияда әмелге асырылған болыўы;
- «Умра қилдик» программасы арқалы (Еки Ҳарамға кириў ушын онлайн нәўбет) дизимнен өтип, өз онлайн тәртиби бойынша умра ибадатын орынлаў;
- Масжидул Ҳаромда намаз оқыў, Масжидун Набавийди зыяратлаў ҳәм Равзаи шарифте намаз оқыў менен байланыслы жобаластырылған жумыслар ушын алдын ала буйыртпа бериў;
- Саудия Арабстанына жетип барғаннан соң белгиленген мийманханада 3 күн карантинде болыўы ҳәм басқа усы сыяқлы талаплар белгиленген.
Сондай-ақ, Саудия жуўапкер мәкемелери тәрепинен эпидемиологиялық жағдай бойынша Умра зыяратын шөлкемлестириў ушын рухсат берилген мәмлекетлердиң дизими өз алдына жәрияланатуғынлығы атап өтилген.
Өз гезегинде, «Ҳаж» ҳәм «Умра» илажларын шөлкемлестириў және өткериў мәселелери бойынша жәмийетлик кеңес Саудия Арабстаны рәсмийлери менен усы мәселелер бойынша белгиленген карантин талаплары тийкарында Умра зыяратын шөлкемлестириў бойынша сөйлесиўлер өткермекте.
Сондай-ақ, усы илажларды шөлкемлестириў ўәкиллиги берилген шөлкем – Өзбекстан мусылманлары басқармасы жерлеслеримиздиң толық медициналық қәўипсизлигин тәмийинлеген ҳалда рәсмий, исенимли, қәўипсиз ҳәм қолайлы Умра хызметлерин усыныс етиў бойынша бирге ислесиўшилер менен жедел түрде жумыс алып бармақта.
Еслетип өтемиз, Умра сапары менен байланыслы жуўмақлаўшы қарарлар бойынша жақын күнлерде рәсмий билдириў жәрияланады.
Ислам Матеков.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz