Telegram karinform

Жәмийет

  • 11.11.2020 13:41
  • 883

Бозатаў районында заманагөй санатория қурылады

Бозатаў районында заманагөй санатория қурылады

Алдын хабар бергенимиздей, бүгин Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының VIII Қурылтайы болып өтпекте.

Қурылтайда Қарақалпақстан Кәсиплик аўқамлары шөлкемлери Кеңеси баслығы, Олий Мажлис Сенаты ағзасы Улықбек Жалменов шығып сөйледи.

- Ҳүрметли Президентимиз жақында Қарақалпақстанға болған сапарында «Бүгин Қарақалпақстанды абат аймаққа айландырыўда қысқа ўақытта көп нәтийжелерге еристик. Бул жумысларды 2-3 есе көбейтип даўам еттириўимиз, Биз Жаңа Қарақалпақстанды қурыўымыз керек!» деген еди. «Жаңа Қарақалпақстан» стратегиясының негизи сыпатында 3 жылға мөлшерленген 10 баслы бағдар, ҳәр бир районда 2 өзине тән «өсиў бағдары», олар бойынша исбилерменлик субъектлери 3 жыл мүддетке салықлардан азат етилиўи белгиленди. Мәмлекетимиз басшысының Бозатаў районында заманагөй санатория қурыў бойынша тапсырмасы кәсиплик аўқамларына болған үлкен исеним белгиси. «Жаңа Қарақалпақстан» стратегиясындағы ҳәм Федерациямыз алдындағы кең көлемли ўазыйпаларды әмелге асырыўда Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары өзиниң мүнәсип үлесин қосыўға бәрҳа таяр, - деди У.Жалменов.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

    Лондон Патшалық колледжиниң илимпазлары Лондон Империал колледжиниң кәсиплеслери менен биргеликте лаборатория шараятында жасалма түрде инсан

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

      9-апрель күни саат 22:08 де Қарақалпақстан Республикасы, Төрткүл районы «Аққамыс» АПЖ аймағынан өткен А-380 магистрал