Telegram karinform

Жәмийет

  • 11.11.2020 15:15
  • 1234

Қоңырат районында «Қубла Үстирт» миллий тәбият бағы шөлкемлестириледи

Қоңырат районында «Қубла Үстирт» миллий тәбият бағы шөлкемлестириледи
ӨзР Министрлер Кабинетиниң «Қубла Үстирт» миллий бағын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарары (707-санлы, 11.11.2020) қабыл етилди. Бул ҳаққында ҚР Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети хабар берди.

Қарарға муўапық, Қоңырат районы аймағында мәмлекетлик тәбиятты қорғаў мәкемеси тәризинде улыўмалық майданы 1 447 143 гектар болған «Қубла Үстирт» миллий тәбият бағы шөлкемлестириледи.

Қарар тийкарында:

- тәбият бағының хожалық мақсетинде пайдаланыў зоналарындағы жерлер усы аймақларда жайласқан жер ийелери, жерден пайдаланыўшылар ҳәм ижарашылардың ықтыярында қалады;

- тәбият бағы Мәмлекетлик экологиялық комитетиниң қурам бөлеги болып табылады;

- тәбият бағы Мәмлекетлик экологиялық комитетиниң Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм шығындылар менен байланыслы жумысларды әмелге асырыў қоры қаржылары және нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа дәреклер есабынан қаржыландырылады.

Усы нормативлик ҳүжжет тийкарында:

- «Қубла Үстирт» миллий тәбият бағының улыўмалық майданы;

- «Қубла Үстирт» миллий тәбият бағына турақлы пайдаланыў ҳуқықы тийкарында берилетуғын жер участкаларының майданы;

- «Қубла Үстирт» миллий тәбият бағының қорықхана, рекреациялық ҳәм хожалық мақсетинде пайдаланыў зоналары ушын ажыратылатуғын жер майданы;

- тәбият бағы атқарыў аппаратының структурасы тастыйықланды.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет