Telegram karinform

Жәмийет

  • 11.11.2020 18:04
  • 1100

Россия Федерациясы Қорғаныў министри қарақалпақстанлы журналист қызды сыйлықлады

Россия Федерациясы Қорғаныў министри қарақалпақстанлы журналист қызды сыйлықлады
Россия Федерациясы Қорғаныў министри, генерал Сергей Шойгу қарақалпақстанлы журналист қыз Айжамал Жолдасбаеваны ҒМДА мәмлекетлериниң әскерий журналистлери арасында Екинши жер жүзилик урыстағы жеңистиң 75 жыллығына арнап өткерилген халықаралық таңлаўда жеңимпаз болғаны ушын сыйлықлады. Бул ҳаққында ӨзА хабаршысы Е.Қанаатов хабар берди.
Россия Федерациясы Қорғаныў министри қарақалпақстанлы журналист қызды сыйлықлады

Айжамал Жолдасбаева бул таңлаўға урыс ҳәм урыс қатнасыўшылары, урыстағы ерликлери ушын Қаҳарман атағына ерискен жерлеслеримиз ҳаққында «Ватанпарвар» газетасында жәрияланған мақалалары менен қатнасқан еди.

А.Жолдасбаева 1997-жылы 23-январь күни Тахтакөпир районында туўылған. Өзбекстан жәҳән тиллери университетиниң халықаралық журналистика факультетинде оқыған. Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан Журналистика ҳәм ғалабалық коммуникациялар университетиниң магистранты, «Зульфия» атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты.

Оқыў менен бирге Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Пенсия қорының баспасөз хызмети баслығы лаўазымында ислейди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

Уқсас жаңалықлар

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

        Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ўәкилликлерине киргизилген мәселелер бойынша физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатларын жедел түрде қабыл

Қытайда шаңарақларға үшинши перзент туўылғаны ушын 10 жыл даўамында напақа төлеп барылады

Қытайда шаңарақларға үшинши перзент туўылғаны ушын 10 жыл даўамында напақа төлеп барылады

Қытай ҳүкимети туўылыў дәрежесин арттырыў мақсетинде финанслық төлемлер ҳәм аналарға бийпул сүт бериў арқалы хошаметлеў илажларын...