Telegram karinform

Жәмийет

  • 14.11.2020 16:36
  • 1147

1-4-курслар дәстүрий, 2-3-курслар онлайн оқыўы рас па?

1-4-курслар дәстүрий, 2-3-курслар онлайн оқыўы рас па?
Мәлимлеме ҳәм ғалабалық коммуникациялар агентлиги пресс-холында шөлкемлестирилген баспасөз конференциясында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги басқарма баслығы Абдували Холиқов «Студентлердиң онлайн ямаса қатнап оқыўын жоқары оқыў орынларының өзлери еркин түрде шеше ала ма?» мазмунындағы сораўларға жуўап берди.

- Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги пайтахтта турып барлық жоқары оқыў орынларының имканиятларын анық белгилеп бере алмайды. Жоқары оқыў орынларының имканиятларын өзлериниң басшылары жақсы биледи. Сол себепли бул ўәкиллик ректорларға берилген.

Мәселен, Ферғана мәмлекетлик университети 1-4-курсларды дәстүрий (қатнап) оқытып атырған болса, буның өзине сай себеплери бар. Тән алыў керек, ҳәзирги ўақытта көпшилик 1-курс студентлери жоқары оқыў орынларына киргенин сезинип үлгермеди.

Мәмлекетлик грант ямаса төлемли контракт тийкарында қабыл етилген, бирақ жоқары оқыў орнының қай жерде жайласқанлығын билмейтуғын студент-жасларымыз бар. Сонлықтан, оларды жоқары билимлендириў системасында оқыў процеси менен таныстырыў ҳәм оларда студентлик сезимлерин оятыў мақсетинде биринши курслар «дәстүрий» оқытылмақта.

Питкериўши курслардың да әмелият дәўирине кететуғын ўақты келген, сол себепли питкериўши курсларды шақырыў жоқары оқыў орынлары тәрепинен белгиленген.

Бирақ, соны атап өтиў керек, жоқары оқыў орынлары имканияты ҳәм материаллық-техникалық базасынан келип шығып, барлық курсларды гезекпе-гезек, избе-изликте дәстүрий оқытыўды (қатнап оқыўды) жолға қояды.

Бунда жоқары оқыў орынларындағы студентлер санын да есапқа алыў керек, айрым жоқары оқыў орынларында 3000 студент болса, айрымларының бир курсында 5000 студент бар. Бундай жағдайларда да курслардың дәстүрий ямаса онлайн оқыўын жоқары оқыў орынларының өзи шешеди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

Уқсас жаңалықлар

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

    Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

    Лондон Патшалық колледжиниң илимпазлары Лондон Империал колледжиниң кәсиплеслери менен биргеликте лаборатория шараятында жасалма түрде инсан

Өзлестириў көрсеткиши жоқары болған социаллық белсенди студентлерге тәлим гранты бериледи

Өзлестириў көрсеткиши жоқары болған социаллық белсенди студентлерге тәлим гранты бериледи

    ️Енди жоқары курслардағы өзлестириўи жақсы ҳәм социаллық белсенди студентлер толық ямаса белгили бир бөлеги муғдарында