Telegram karinform

Жәмийет

  • 07.12.2020 14:59
  • 714

Нөкис қаласындағы «Шадлы аўыл» ҳәм «Наўрыз» аймақларында пуқаралардың мүрәжатлары үйренилди

Нөкис қаласындағы «Шадлы аўыл» ҳәм «Наўрыз» аймақларында пуқаралардың мүрәжатлары үйренилди
Көшпели қабыллаўлар халық пенен жүзбе-жүз сәўбетте болыў, оларды ойландырып киятырған машқалалы мәселелерди анықлаў ҳәм тийисли тараў қәнигелери менен биргеликте аймақлардағы машқалаларды сапластырыў имканын береди. Усындай мақсетте Нөкис қаласы ҳәкими ў.а. У.Панаев, Өзбекстан Репсубликасы Президентиниң Нөкис қаласындағы Халық қабыллаўханасы баслығы А.Балтабаев, ҳәким орынбасарлары, қаладағы тийисли тараўлардың жуўаплы хызметкерлери менен биргеликте «Боз аўыл» МПЖ аймағы «Шадлы аўыл» елатындағы турғынлар менен көшпели қабыллаў өткерилди. Бул ҳаққында ҳәкимлик мәлимлеме хызмети хабар берди.

Қаладағы 45-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде өткерилген қабыллаўда пуқаралар тийкарынан ишимлик суўы менен тәмийинлеў, электр бағаналарын алмастырыў, мектепке шекемги билимлердириў шөлкемин ашыў, дәрихана шөлкемлестириў, турғынларды турақлы жумыс орны менен тәмийинлеў, ишки жолларды реконструкциялаў мәселелери бойынша мүрәжат етти.

Хабарыңыз бар, Өзбекстан Республикасы Президенти тəрепинен 11-ноябрь күни «Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4889-санлы қарары қабыл етилди. Соның менен бирге, Қаракалпақстан Республикасы бойынша халықтың турмыс шараятын жақсылаў ҳәм аймақларды абаданластырыў бойынша илажлар бағдарламасы ислеп шығылды. Усы ислеп шығылған бағдарламаға муўапық, Нөкис каласы бойынша 6 мәкан пуқаралар жыйынында («Жаңа базар», «Қос-көл», «Тунғыш қоныс», «Телеорай», «Қызыл қум», «Боз аўыл» МПЖ аймақларында) 2021-2023-жылларда жергиликли бюджет қаржылары есабынан 2,0 км ишки жоллар реконструкция етиледи.

Көшпели қабыллаўда да ҳәр бир мүрәжат кең түрде талқыланып, тараў басшылары тәрепинен көрип шығылды ҳәм тийисли илаж көрилетуғын болды. Аймаққа дәрихана ашыў маселесиндеги мүрәжат бойынша әмелий жумыслар баслап жиберилди. Қабыллаўға қатнаса алмаған аймақ турғынларының да үйине барылып, олардың мүрәжатлары бойынша түсиниклер берилди.
Нөкис қаласындағы «Шадлы аўыл» ҳәм «Наўрыз» аймақларында пуқаралардың мүрәжатлары үйренилди
Сондай-ақ, Нөкис қаласы «Наўрыз» МПЖ аймағындағы 25-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде усы жерде жасаўшы турғынлар менен көшпели қабыллаў өткерилди.

Қабыллаўда 15 пуқараның мүрәжаты тыңланды. Онда тийкарынан бәнтлик мәселеси көтерилип, турақлы жумыс орны менен тәмийинлеў, сондай-ақ, банктен жеңиллетилген кредит алыў, ҳаял-қызларды кәсипке бағдарлаў ҳәм оқытыў, турақлы есапқа алыў, ишки жолларды асфальтлаў, соның менен бирге, электр бағаналарын алмастырыў, жаңадан жөнелисли таксилерди жолға қойыў ҳәм басқа да социаллық мәселелер орын алды.
Нөкис қаласындағы «Шадлы аўыл» ҳәм «Наўрыз» аймақларында пуқаралардың мүрәжатлары үйренилди
Көшпели қабыллаў даўамында билдирилген мүрәжатлар тийисли тәртипте үйренилип шығылып, ҳуқықый мәсләҳәтлер берилди. Жумыссыз пуқаралар дизимге алынды. Мүрәжатлардың орынланыўы қадағалаўға алынды.

Ҳәкимлик мәлимлеме хызметиниң қосымша етиўинше, Нөкис қаласы ҳәкимлигинде қала ҳәкими тәрепинен ҳәптениң ҳәр сәршемби ҳәм жума күнлери пуқараларды қабыллаўлар өткерилип келинбекте.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

        Бул норма Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 183-статьясында келтирилген «Майда гүдибузарлық, яғный, жәмийетлик орынларда

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

    Түнги ўақытта саат 23.00 ден 06.00 ге шекем пуқаралардың тынышлығын ҳәм нормал дем алыўын бузыў,

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Өзбекстан гидрометеорология хызмети агентлиги 17-апрель күни ушын ҳаўа-райы прогнозын жәриялады. Мәлим етилиўинше, ертең, 17-апрель күни Республиканың...