
Усы жылдың 7-декабрь күни күндизги саат 17:10лар шамасында Хожели районы «Сарышунгул» АПЖ аймағында жайласқан «Юсуп Ийшан» қойымшылығының қараўылханасына дем алыў ҳәм түслик етиў мақсетинде барған Абаданластырыў басқармасының еки хызметкери А.С. ҳәм У.Ж.лар шала жанған газ ийсинен зәҳәрлениўи ақыбетинде, биреўи ўақыя орнында қайтыс болған, ал екиншиси аўыр аўҳалда районлық медициналық бирлеспесине жатқарылған. Бул ҳаққында район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети хабар берди.
Жүз берген ҳәдийсе бойынша ҳәзирги ўақытта ҳуқық қорғаў уйымлары тәрепинен тергеў алды тексериў жумыслары алып барылмақта.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz