Telegram karinform

Жәмийет

  • 21.12.2020 12:37
  • 1006

Бүгин сийрек гезлесетуғын астрономиялық ҳәдийсе жүз береди

Бүгин сийрек гезлесетуғын астрономиялық ҳәдийсе жүз береди
Бүгин, 21-декабрь күни Жер турғынлары сийрек гезлесетуғын астрономиялық ҳәдийсе – Сатурн ҳәм Юпитер планеталарының байланысыўын көриўи мүмкин болады. Бул ҳаққында «ТАСС»қа техника илимлериниң кандидаты Татьяна Подладчикова мәлим еткен, деп жазбақта «Қалампир».

Атап өтилиўинше, ҳәдийсени дурбин арқалы ямаса дурбинсиз де көриўге болады.

- Қуяш батқаннан соң Жердиң барлық халқы усы әжайып астрономиялық ҳәдийсени бақлаўы мүмкин болады. Ең баслысы, ҳаўа ашық ҳәм бултсыз, аспан қараңғы болса, ол соншелли жақсы көринеди, - деп айтып өткен Подладчикова.

Бундай ҳәдийсе соңғы мәрте буннан 794 жыл алдын, яғный 1226-жылдың 4-март күни Юпитер ҳәм Сатурн планеталары арасында сийрек гезлесетуғын байланысыў ҳәдийсеси бақланған.

Сондай-ақ, бүгин, 21-декабрь күни Ташкент ўақты менен 15:02 де астрономиялық қыс басланады. Бүгин жылдың ең қысқа күни болады. Усы ўақыттан баслап күндизги сааттың созылыўы басланады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...