Қараөзек районына хызмет сапары менен келген Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги ўәкиллери, мәмлекетимиздиң сырт еллердеги айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшилери, дипломатиялық ўәкилханалары басшылары, халықаралық шөлкемлер ўәкиллеринен ибарат делегация ағзалары районға келип, район ҳəкими, тийисли тараў басшылары ҳəм исбилерменлер менен ушырасыў өткерди. Бул ҳаққында район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети хабар берди.
Ушырасыўдың тийкарғы мақсети, районда жаңа жойбарларды әмелге асырыўда бирге ислесиў ушын сырт ел инвесторларын табыў ҳәм ислеп шығарылып атырған өнимлерди экспорт етиў ушын шет мәмлекетлерден қарыйдар табыўда әмелий жәрдем көрсетиў болып табылады.
Өзбекстан Республикасының Бельгия мәмлекетиндеги елшисиниң әмелий жәрдеми менен Нидерландия мәмлекетиниң «Arona International B.V» компаниясының ўәкили Дедамирзаев Темур Тургунполатович ҳәм Қараөзек районы ҳәкимилиги арасында жыллық қуўатлылығы 1 миллион 200 мың тонна муғдарында цемент ислеп шығарыў заводын қурыў бойынша меморандумға қойыл қойылды.
Сондай-ақ усы күни делегация ағзалары районлық бирлескен емлеўханаға медициналық буйымларды тапсырды.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz