Telegram karinform

Жәмийет

  • 07.01.2021 11:55
  • 1037

Мектеп муғаллимлери жолларда мәжбүрий нәўбетшилик етиўге мәжбүр ме? Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы жуўап берди

Мектеп муғаллимлери жолларда мәжбүрий нәўбетшилик етиўге мәжбүр ме? Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы жуўап берди
Социаллық тармақларда «Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласындағы мектеп муғаллимлери жолларда мәжбүрий түрде нәўбетшилик етип атыр. Алдын нәўбетши муғаллимлерди машиналар жеңил түрде дүгип өтип, емлеўханада емленип шыққан. Айрым транспорт басқарыўшылар нәўбетши муғаллимлерди сөгип, мазақлап өтеди. Бул ЖПХның ўазыйпасы емес пе?» мазмунындағы видео жәрияланған еди. ҚР ИИМ Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы баспасөз топары усы видео бойынша төмендегилерди мәлим етти.

Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы тәрепинен жол-транспорт ҳәдийселериниң алдын алыў, сондай-ақ ҳәрекет қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде ҳәр күни хызметкерлер хызмет орынларына бириктириледи. Пуқараларымыздың қәўипсизлигин тәмийинлеў менен бир қатарда, өсип киятырған жас әўладтың да кәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Мектеп оқыўшыларын азанда ҳәм түски ўақытлары мектеп әтирапындағы пиядалар өтиў орынларынан қәўипсиз өткериў мақсетинде ЖПХ инспекторлары бириктирилип, ҳызметкерлер өз ўазыйпасын ҳәр күни атқарып келмекте, ал басқа ўақытлары Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги, сондай-ақ, барлық мектеп директорларының усыныслары менен «Мектеп нәўбетшилери» шөлкемлестирилген. Мектеп нәўбетшилериниң қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде нур қаўтарыўшы жилетлер ҳәм байрақшалар тарқатылған.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...