Telegram karinform

Жәмийет

  • 14.01.2021 17:55
  • 804

Үстиртте илҳам қусын ушырған жазыўшының жаңа китабы баспадан шықты

Үстиртте илҳам қусын ушырған жазыўшының жаңа китабы баспадан шықты

Үстиртте илҳам қусын ушырған жазыўшы Өмирбай Өтеўлиевтиң «Қорқыт атаның желқобызы» атлы китабы тематикалық өзгешелиги менен ажыралып, оқыўшысын зериктирмей, өзине үйирип әкетеди, деген ойдамыз. Ҳәр қашанғыдай үлкемиздиң тәбияты, өсимлик ҳәм ҳайўанатлар дүньялары, Арал машқалаларын шығармаларына өзек етип, жанлы образлар арқалы жаратқан, деп жазбақта Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Өткен әсирлерде жасап өткен, түркий тиллес халықлардың орталық жыраўы Қорқыт атаның желқобызын бүгинги заманласларымызға тыңлатқысы келеди. Үстиртте жасап өткен Халмурат шопанның айтқан қысқа ўақыялары бири-биринен қызықлы.

«Бас қатты ма, тас қатты ма?»ға салып, Ўатан гедайысы болған Абдулла (Андрей) немистиң ҳүждан азапларын бәршеге сабақ етип, өз елиңди сүйип жасаўға ҳәм садық қалыўға шақырады.

Китап «Qaraqalpaqstan» баспасында 2500 нусқада сапалы етип басып шығарылған.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте