Telegram karinform

Жәмийет

  • 20.01.2021 13:26
  • 1458

Өзбекстанда халықты коронавирусқа қарсы шаншыў қашаннан басланатуғыны мәлим етилди

Өзбекстанда халықты коронавирусқа қарсы шаншыў қашаннан басланатуғыны мәлим етилди
Өзбекстанда февраль айының ақыры, март айының басында коронавирусқа қарсы вакцинация процеси басланыўы мүмкин. Бул ҳаққында Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийетлик саламатлық хызмети баслығының орынбасары Б.Қурбонов «Замон» информациялық-аналитикалық бағдарламасына берген интервьюсында мәлим еткен, деп жазбақта «Қалампир».

Б.Қурбоновтың атап өтиўинше, усы жылдың 8-январь күни Өзбекстан халқының 20 процентине жетерли муғдарда вакцина ушын буйыртпа берилген.

«Өзбекстанда иммунизациялық илажларда улыўма халықты қамтып алыў жобаластырылған. Pfizer компаниясы вакцинаны 1-1,5 айда жеткерип берсе, февраль айының ақыры, март айының басында шаншыў жумыслары басланады», - деген Қурбонов.

Ҳәзирги ўақытта Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми тәрепинен қолланыўға рухсат берилген АҚШтың Pfizer ҳәм Германияның BioNTech кәрханалары тәрепинен ислеп шығылған вакцинаны Өзбекстанда да шаншыў процесинде пайдаланыў ҳәм пуқараларды емлеў ушын 100 мың дозаға рәсмий түрде буйыртпа берилген.

Еслетип өтемиз, буннан алдын Өзбекстан Россияның Гамалея институты тәрепинен ислеп шығарылған («Спутник V») 70 миллион доза вакцинаны сатып алғаны ҳаққында хабар берген едик.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Өзбекстан гидрометеорология хызмети агентлиги 17-апрель күни ушын ҳаўа-райы прогнозын жәриялады. Мәлим етилиўинше, ертең, 17-апрель күни Республиканың...

Өзбекстанда интернет пайдаланыўшылары саны жәрияланды

Өзбекстанда интернет пайдаланыўшылары саны жәрияланды

    ​Миллий статистика комитетиниң берген мағлыўматларына муўапық, интернет пайдаланыўшылары саны дерлик 94%ке жеткенлигин көриўимиз мүмкин. Жоқарыдағы

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

        АҚШтың студентлик ҳәм басқа түрдеги визаларын алажақ болған адамлардың социаллық тармақлары тексериледи. Мәмлекетлик хаткер Марко