Telegram karinform

Жәмийет

  • 22.01.2021 12:56
  • 827

Колледжлер басқа министрликке өткериледи

Колледжлер басқа министрликке өткериледи
Жумыссызлықты сапластырыў мақсетинде ҳәзирги ўақытта Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги басқарыўында болған колледжлер Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигине өткериледи. Бул ҳаққында 21-январь күни Президент Шавкат Мирзиёев Бухара ўәлаяты Олот районында ўәлаят белсендилери менен болып өткен жыйналыста айтып өтти, деп жазбақта «Kun.uz».

«Барлық колледжлер Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги басқарыўына өткериледи. Өзи колледжлердиң орны усы министрликте, жоқары билимлендириўде емес. Өйткени, министр Нозим Ҳусанов колледжлерге анық буйыртпалар қәлиплестирип береди. Колледжлер болса ҳәр бир аймақларға зәрүр болған қәнигелерди таярлайды», - деп айтып өткен Президент.

Шавкат Мирзиёевтиң айтыўынша, колледжлер жасларды кәсиплерге үйретип, бул бойынша сертификатлар бериўди жолға қояды. Сондай-ақ, «Жумысқа мәрҳамат!» моноорайларын ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларын колледжлерге бириктириў тапсырмасы берилди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...