Telegram karinform

Жәмийет

  • 25.01.2021 15:13
  • 790

Жумыссызлық напақасын төлеў мүддети өзгерди

Жумыссызлық напақасын төлеў мүддети өзгерди
2021-жыл 21-январьдан баслап күшке кирген «Халықтың бәнтлиги ҳаққында»ғы нызам тийкарында жумыссызлық напақасын төлеў тәртиби өзгерди. Атап айтқанда, жумыссызлық напақасы алдын жумыс ислемеген ҳәм биринши мәрте жумыс излеп атырғанларға 12 айлық ўақыт даўамында тек ғана 13 ҳәпте төленген болса, буннан былай жумыссызлық напақасы барлық категориядағы жумыссыз адамларға 12 айлық ўақыт ишинде 26 календарь ҳәпте даўамында төлениўи белгиленбекте.

Бул ҳаққында ӨзР Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги мәлимлеме хызмети баслығы Р.Маҳкамов атап өтти.

Жумыссызлық напақасы төмендеги муғдарларда төленеди:

- жумыстан ҳәм мийнет ҳақыдан соңғы 12 айлық ўақыт ишинде ажыралып қалған адамларға – алдынғы жумыс орнындағы орташа айлық мийнет ҳақының 50% и, бирақ мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарынан аз болмаған ҳәм напақаны есаплаў ўақтындағы орташа мийнет ҳақыдан артық болмаған муғдарда;

- жумыстан ҳәм мийнет ҳақыдан ажыралып қалған және узақ (1 жылдан аслам) тәнепистен кейин мийнет жолын қайтадан баслаўға ҳәрекет етип атырған адамларға – мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 1 есеси муғдарында (1-февральдан 747 300 сум);

- алдын ислемеген ҳәм биринши мәрте жумыс излеп атырған адамлар ушын – белгиленген мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының кеминде 75% и муғдарында.

Усы илажлар нәтийжесинде жумыссызлар жумыс излеў ўақтында материаллық жақтан қоллап-қуўатланады ҳәм 80 мыңға шамалас жумыссызға напақалар белгиленеди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

        Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев мүбәрек Рамазан ҳайыты қарсаңында халқымызға тән жақсылық, кеңпейиллик, адамгершилик, мийрим-шәпәәт

Контракт толық төленбесе, студентти жуўмақлаўшы ямаса аралық имтиханларға киргизбеў мүмкин бе?

Контракт толық төленбесе, студентти жуўмақлаўшы ямаса аралық имтиханларға киргизбеў мүмкин бе?

    Контрактын төлемеген студентти жуўмақлаўшы ямаса аралық имтиханларға киргизбеў нызамлы тийкарға ийе емес. Егер студент улыўма