Нөкис районлық ХББ қараслы 2-санлы мектепте жазыўшы ҳәм шайыр, шебер аўдармашы Дәўлетмурат Есебаевтың 70 жыллық юбилейине арналған әдебий салтанатлы кеше болып өтти.
Әдебий кешеге юбиляр жазыўшы Дәўлетмурат Есебаев ҳәм мектеп оқыўшылары қатнасты.
Әдебий кешеде мектеп директоры Бахыт Алланова, районлық руўхый-ағартыўшылық орайы баслығы Нурмағамбет Тойымбетов, ХББ баслығы орынбасары Икрам Минажовлар шығып сөйлеп, жазыўшының өмир жолы, дөретиўшилиги ҳаққында кең түрде кеше қатнасыўшыларына айтып берди.
Соң жазыўшының балалықтан бирге өскен досты Барлықбай Махамбетов шығып Д.Есебаевтың балалығындағы есте қаларлық ўақыяларын, мектепте қалайынша оқығанларын кеше қатнасыўшыларына қызықлы етип айтып берди.
Буннан соң мектеп оқыўшылары шайырдың қосықларын көркемлеп оқып, миллий аяқ ойынлар атқарылды.
Әдебий кеше даўамында оқыўшылар шайыр-жазыўшы менен өзлерин қызықтырған сораўлар дөгерегинде сәўбетлести. Шайыр жаслығын, мектеп дәўирин, шайыр-жазыўшылықтағы устазлары ҳаққында айтып берип кешени өзиниң 70 жасқа толғанда жазған «Балалығым» қосығын оқып бериў менен жуўмақлады.
Жазыўшы ҳәм шайыр Дәўлетмурат Есебаевтың 70 жыллық юбилейине арналған әдебий кешелер районымыз бойлап даўам етпекте.
Жазыўшы ҳәм шайыр, шебер аўдармашы Дәўлетмурат Есебаевтың өмири ҳәм дөретиўшилик жолы ҳаққында қысқаша мағлыўмат: Ол 1951-жылы 5-февральда Нөкис районының (бурынғы Кегейли районы) «Бақаншақлы» АПЖ аймағындағы «Ақ ой» аўылында әпиўайы дийқан Мәтек палўанның шаңарағында туўылған.
Жаслайынан әдебиятқа қызығыўшылығы себепли мектепте оқып жүрген ўақытларынан баслап қосық жаза баслаған. Оның биринши қосығы 1969-жылы Кегейли районының «Ленин жолы» газетасында «Төртликлер» атамасы менен баспа жүзин көрген. Соңын ала Нөкис районының «Коммунизм байрағы» газетасы шыға баслағаннан баслап газетаның белсенди дөретиўшилериниң бирине айланған. Ол тийкарынан аўыл хожалығында мийнет етип, дөретиўшилик пенен де үзиликсиз шуғылланып келген.
Оның республикалық баспасөз бетлеринде повесть, гүрриң, қосықлары менен тез-тез көринип келмекте. Районлық, республикалық газета-журналларда үш жүзден аслам қосықлары, еки повести, елиўден аслам гүрриң, эссе, публицистика, очерклери жәрияланып, оқыўшылар қәўиминиң жақсы пикирдеги итибарына ийе болған.
Ол шебер аўдармашы. Рус ҳәм өзбек тилинен аўдарған көплеген шығармалары «Әмиўдәрья» журналында жәрияланды. Дәўлетмурат Есебаевтың еки топламы «Тышқан тесиги мың теңге» детектив повесть ҳәм гүрриңлери 2014-жылы, «Сағыныш дебдиўлери» атамасындағы қосықлар топламы 2017-жылы «Қарақалпақстан» баспасынан китап болып шықты. Үшинши китабы яғный «Төркинли ойлардың туйғылары» атлы топламы баспадан шығыў алдында тур.
Дәўлетмурат Есебаев бүгин жетпис жастың асқар таўынан асты.
Бизлер де ағамызды юбилей жасы менен қутлықлап оған дөретиўшилик табыслар тилеймиз.
Әбдималик ХОЖАНАЗАРОВ,
«Ақмаңғыт таңы» газетасы редакторы.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz