Telegram karinform

Жәмийет

  • 10.02.2021 12:56
  • 933

Нөкисте жаңа кислород станциясы орнатылады

Нөкисте жаңа кислород станциясы орнатылады
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының арнаўлы қарары тийкарында Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайының Қарақалпақстан филиалына кислород станциясы орнатылады. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети хабар берди.

Елимизде денсаўлықты сақлаў системасында, әсиресе, кешиктирип болмайтуғын қыстаўлы медициналық жәрдем көрсетиўдиң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, маман кадрлар, дәри қураллары, медициналық әсбап-үскенелер, қәнигелестирилген автотранспорт ҳәм байланыс қураллары менен тәмийинлеў дәрежесин жақсылаў мәселесине айрықша итибар қаратылмақта.

Өзбекстан Республикасы «Эзгу амал» жәмийетлик фонды тәрепинен 2020-жылдың декабрь айында Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайының Қарақалпақстан филиалына жәми баҳасы 55 162 АҚШ долларлық жаңадан кислород станциясы алып келинген еди. Усы кислород станциясын орнатыў ушын қосымша имарат қурыў ҳәм ески кислород бөлистириў имаратын реконструкциялаў зәрүрлиги пайда болмақта.

Халыққа қыстаўлы медициналық жәрдем көрсетиўдиң нәтийжелилигин еледе күшейтиў ҳәм сапасын жәнеде жақсылаў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының арнаўлы қарары қабыл етилди. Қарарға муўапық Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайының Қарақалпақстан филиалына кислород станциясын орнатыўға қурылыс ҳәм реконструкциялаў жумысларын әмелге асырыў ушын зәрүр болған 309 миллион сўмнан артық қаржы ажыратылмақта.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

    Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

    2025-жыл 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстан Республикасы тарийхый ўақыяға гүўа болды – биринши мәрте Арал мәденияты саммити