Telegram karinform

Сиясат

  • 13.02.2021 14:36
  • 7897

Жынаят, экономикалық ҳәм пуқаралық судлары бирлестирилип, Қарақалпақстан Республикасы суды шөлкемлестирилди ҳәм оның баслығы сайланды

Жынаят, экономикалық ҳәм пуқаралық судлары бирлестирилип, Қарақалпақстан Республикасы суды шөлкемлестирилди ҳәм оның баслығы сайланды
13-февраль күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң он алтыншы сессиясы болып өтти. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети хабар берди.

Видеоконференсбайланыс тәризинде өткен сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты, Қарақалпақстан Республикасы ҳүкимети ағзалары, тийисли тараўлардың басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, сондай-ақ, Жоқарғы Кеңестиң депутатлары қала ҳәм район студияларында қатнасты.

Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды.

Депутатлар сессияның Секретариатын сайлады ҳәм күн тәртибин тастыйықлады.
Жынаят, экономикалық ҳәм пуқаралық судлары бирлестирилип, Қарақалпақстан Республикасы суды шөлкемлестирилди ҳәм оның баслығы сайланды
Атап өтилгениндей, Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен қабыл етилген арнаўлы Пәрман менен суд системасына шөлкемлестириўшилик-структуралық өзгерислер киргизилди. Усы тийкарда аймағымыздағы жынаят, экономикалық ҳәм пуқаралық судлары бирлестирилип, олардың тийкарында судьялардың қатаң қәнигелестирилиўин сақлап қалған ҳалда Қарақалпақстан Республикасы суды шөлкемлестирилди.

Суд тараўына киргизилген өзгерислерди есапқа алып, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң он бесинши сессиясында Қарақалпақстан Республикасының Конституциясының тийисли статьяларына қосымшалар киргизилди ҳәм депутатларымыз тәрепинен қоллап-қуўатланып, Нызам қабыл етилди.

Сессия күн тәртибинде «Қарақалпақстан Республикасы судының баслығын сайлаў ҳақкында»ғы мәселе көрип шығылды.

Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы ҳәм «Судлар ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы талапларына муўапық, Базарбаева Гульнара Жуманазаровнаны Қарақалпақстан Республикасы судының баслығы етип сайлаў ҳаққындағы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының усыныснамасы депутатлардың итибарына усынылды.
Жынаят, экономикалық ҳәм пуқаралық судлары бирлестирилип, Қарақалпақстан Республикасы суды шөлкемлестирилди ҳәм оның баслығы сайланды
Бул мәселе бойынша депутатлар тийисли қарар қабыл етти – Базарбаева Гульнара Жуманазаровна бес жыллық мүддетке Қарақалпақстан Республикасы судының баслығы лаўазымына сайланды.

Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң он алтыншы сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Уқсас жаңалықлар

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

      9-апрель күни саат 22:08 де Қарақалпақстан Республикасы, Төрткүл районы «Аққамыс» АПЖ аймағынан өткен А-380 магистрал

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

    2025-жыл 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстан Республикасы тарийхый ўақыяға гүўа болды – биринши мәрте Арал мәденияты саммити

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

        Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев мүбәрек Рамазан ҳайыты қарсаңында халқымызға тән жақсылық, кеңпейиллик, адамгершилик, мийрим-шәпәәт