ҚР Статистика басқармасының хабар бериўинше, 2020-жылдың январь-декабрь айлары аралығында Қарақалпақстан Республикасынан 12 457 адам көшип кеткен болса, республика бойлап 7 779 адам көшип келген.
Миграция сальдосы минус 4 678 адамды қураған. Бул 2019-жылға салыстырғанда 571 адамға көп, яғный 2019-жылы миграциясы сальдосы минус 4 107 адамды қураған еди.
Көшип келген ҳәм көшип кеткенлерди Нөкис қаласы ҳәм районлар кесиминде алып қарайтуғын болсақ, ең көп көшип кетиў Әмиўдәрья районына туўра келмекте. Яғный районға өткен жыл даўамында 255 адам көшип келген болса, 1 768 адам көшип кеткен. Миграциясы сальдосы минус 1 513 адам болып, Қарақалпақстан бойынша ең жоқарғы көрсеткиш болып есапланады.
Миграция сальдосы бойынша унамлы көрсеткиш Мойнақ ҳәм Нөкис районларында бақланған. 2020-жыл даўамында Мойнақ районына 201 адам көшип келип, 175 адам көшип кеткен болса (миграция сальдосы плюс 26 адам), Нөкис районына 741 адам көшип келип, 633 адам көшип кеткен (миграция сальдосы плюс 108 адам).
Нөкис қаласы ҳәм басқа районларда көшип кеткенлердиң саны көшип келгенлердиң санынан жоқары көрсеткиште екенлиги мәлим болды.
Ислам Матеков.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz